Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик уинверситетинде Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Өзбек тилин раўажландырыў фондыныӊ есабынан баспадан шыққан “Мәмлекетлик тилде ис жүргизиў” китабыны таныстырыў мәресими болды.

Илажды университет ректоры А.Реймов басқарып барды.

Буннан кейин Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниӊ Руўхыйлық ҳәм мәмлекетлик тилди раўажландырыў мәселелери департаментиниӊ баслығы С.Шукуров, Өзбек тилин раўжаландырыў қорыныӊ баслығы А.Емиров, Мәмлекетлик тилде ис жүргизиў тийкарлырын оқытыў ҳәм билимин жетилистириў орайы Қарақалпақстан аймақлық бөлиминиӊ баслығы Ф.Бабажанов баспадан шыққан китаптыӊ мазмун-мәниси ҳәм оныӊ әҳмийетине тоқтап өтти.

Қарақалпақ тилине мәмлекетлик тил бийлиги берилгениниӊ 33 жыллығы мүнәсибети менен өткерилген  илажда атап өтилгениндей, бул китап Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниӊ Руўхыйлық ҳәм мәмлекетлик тилди раўажландырыў мәселелери департаментиниӊ басламасы менен мыӊ нусқада баспадан шығарылды.

Илаж соӊында  қала ҳәм район ҳәкимлериниң,  мәкемелердиӊ мәмлекетлик тил ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерине әмел етилиўин тәмийинлеў мәселелери бойынша мәсләҳәтшилерине, қарақалпақ тили профессор-оқытыўшыларына баҳалы саўғалар, жаӊа нусқадағы китаптыӊ комплекти тапсырылды.


Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниӊ шолыўшысы