Өзбекстан «Адолат» социал-демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниң басламасы менен республикалық қан қуйыў станциясында «Бар меҳримиз саған балажан» сүрени астында бийғәрез донорлық акциясы өткерилмекте.
Халықаралық майыплар күни мүнәсибети менен еки күн даўамында өткерилетуғын акцияның мақсети, медициналық-социаллық жәрдемге мүтәж пуқараларды қоллап-қуўатлаў, инсанларды кеўилли түрде қан тапсырыўға шақырыў арқалы наўқаслардың өмирин сақлап қалыў, жәмийетте инсаныйлық ҳәм мийрим-шәпәәт идеяларын кеңнен үгит-нәсиятлаўдан ибарат. Усындай қайырлы ҳәм саўаплы иске бел байлаған Өзбекстан «Адолат» социал-демократиялық партиясы бул акцияны 2018-жылдан берли турақлы өткерип келмекте.
Дәслепки күни ерте таңнан басланған акцияда партияның барлық хызметкерлери, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиндеги партия фракциясының ағзалары, халық депутатлары қалалық ҳәм районлық Кеңеслериниң депутатлары, партияның белсендилери ҳәм кеўиллилер қатнасты. Жүзлеген инсанларды бир мақсетке бирлестирип, қанға мүтәж болған наўқас балаларға өмир бағышлап, олардың саўалып кетиўлерине үлес қосыўдай саўаплы иске бел байлаған ҳалда ықтыярлы түрде қан тапсырды.
Бийғәрез донорлық акциясы даўам етпекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги