Бәршемиз өмирде күлип жүриўди қәлеймиз. Бирақ айырым адамлар күлкиниң инсан өмирине қаншелли пайдалы екенлигин билмейди. Күлки – кеселликлеримиздиң тийкарғы белгиси – депрессияның алдын алады. Бир жыл даўамында күнине 10 минут күлки менен өмириңизге бир жыл өмир қосасыз.
Илимпазлар күлкини илимий жақтан үйрениўге өз алдына тараўды да белгилеген. Ол гелатология деп аталады.
Күлгенимизде беттиң 80нен артық терилери қатнасады. Күлкиниң пайдалы тәрепи: гарвардлы профессорлар анализ өткерип, бул жағдай бизди самаллаўдан сақлайтуғынлығын айтып өтти. Буннан тысқары, күлки бронхиал кеселликлерге де қарсы турады. Егер сиз көп күлсеңиз, бул арқалы азыўыңыз да мүмкин. Күнине тек ғана 15 минут даўамында күлиў айына 2 килограмм салмақтан қутылыўға жәрдем береди.
Күлиң әзизлер!
Фатима Рейимбаева,
ҚМУ Интернет журналистикасы
тәлим бағдарының 4-курс студенти,
Қарақалпақстан хабар агентлиги