«Кекселер туризм айлығы» шеңберинде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты Ахмед Реймовтың шөлкемлестириўинде өзи сайланған аймақ Нөкис қаласындағы Алмазар, Қум аўыл, Бағшылық, Қурылысшы МПЖ дағы бир қатар нураныйлар ушын Самарқанд қаласына саяхат шөлкемлестирилди.
Буннан гөзленген мақсет – кексе әўлад ўәкиллерин ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў ҳәм оларға итибар қаратыўдан ибарат.
– Мен де нураныйлар қатарында Самарқандтағы тарийхый орынлар менен жақыннан танысып, зыяратлап жақсы тәсирлер менен қайттым,-дейди Бағшылық МПЖ турғыны Пухарбай Бабажанов. – Саяхат даўамында бир-биримиз бенен сәўбетлесип, пикирлесип, мазмунлы дем алдық.
Бул ушын саяхатты шөлкемлестириўшилерге миннетдармыз.
Саяхат даўамында нураныйлар Самарқанд қаласының дыққатқа ылайық тарийхый орынларын зыярат етип, қаладағы архитектуралық, тарийхый естеликлер, атап айтқанда, Регистан майданы, Гөри Әмир, Бийбиханым, сондай-ақ, Биринши Президентимиз Ислам Кәримовтың мақбараларын зыяратлады.
Тарийхый мийраслар менен жақыннан танысып, унамлы тәсирлер алып қайтты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги