Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясы Қарақалпақстан бөлими баслығы, академик Нағмет Аимбетов Қарақалпақстан Республикасының арқа районларын аймақта бар болған минерал-шийки затлық потенциалын қолланыў тийкарында социал-экономикалық раўажландырыў бойынша концепция ислеп шығып, әмелде қолланыў ушын усыныс етпекте.
Қарақалпақстан дияры жүдә үлкен тәбийғый байлықларға, сондай-ақ, минерал ҳәм углеводород ресурсларына, басқа да көп түрли тәбийғый қазылма байлықлар шийки заты қорларына ийе. Бул байлықлар мәмлекетимиз экономикасында айрықша орын ийелейди. Әсиресе, Үстирт кеңисликлери менен Арал теңизиниң қурыған ултанында анықланған нефть ҳәм газ кәнлери бүгин инсаният ийгилигине айланбақта.
Қарақалпақстан аймағындағы кәнлерде алтын, темир, ванадий, титан, фосфор, молибден, гранит, мрамор ҳәм басқа да қазылма байлықлардың үлкен қорлары бар. Бул өз гезегинде жаңа өндирис тармақларын жаратыў мүмкиншилигин береди.
Ғәрезсизлик жылларында Қарақалпақстанда өндирис тараўының раўажланыўы избе-излик пенен басланды. Жылына 200 мың тонна кальцинацияланған сода ислеп шығаратуғын Қоңырат сода заводындай ири индустриаллық кәрхана иске түсирилди. Сүргил газ кәни базасында Үстирт газ-химиялық комплексиниң қурылысы иске түсти. Бул жерде жылына 400 мың тонна полиэтилен ҳәм 100 мың тонна полипропилен ислеп шығарылмақта.
Султан Ўәйис таў дизбеклеринде пайдалы қазылмаларды қазыў жумыслары кеңнен алып барылмақта (вермикулит, тальк, ҳәр түрли қурылыс материаллары). Қаратаў қойнындағы Тебинбулақ кәни базасында таў-металлургия комплексиниң қурылысы жолға қойылмақта. Ол жерде 2021-жылдан баслап жылына 1 миллион тонна полат ислеп шығарылады ҳәм комплекс 2024-жылы толық иске түседи.
Республикамыздың барлық аймақлары сыяқлы арқа районлардың усындай мүмкиншиликлери менен минерал-шийки зат ресурсларынан пайдалана отырып, регионды ҳәр тәреплеме раўажландырыў ҳәм экономиканың жоқары шеклерде өсиўине тийкар жаратыў бүгинги күнниң әҳмийетли мәселелериниң бири есапланады.
Қарақалпақстан Республикасында санаат өндирисин буннан былай да раўажландырыў стратегияларын белгилеп алыў, халықтың социаллық жағдайын жақсылаў, бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм ишимлик суўға болған талабын қанаатландырыў бағдарында академик Н.Аимбетов төмендеги концептуаллық усынысларын билдиреди:
Қарақалпақстанда Үстирт тегислиги ҳәм Султан Ўәйис таў дизбеклериндеги кәнлерден басқа да аймақларда, атап айтқанда, Арал теңизиниң батыс ҳәм қубла жағаларында және Мойнақ, Тахтакөпир, Шымбай, Кегейли ҳәм Қараөзек районларының арқа бөлегиндеги жер астында баҳалы түрдеги минерал ҳәм пайдалы қазылмалардың бай кәнлери бар.
Өткен әсирдиң 70-жыллары ақыры ҳәм 80-жыллары басында бул аймақларда толық геологиялық изертлеўлер өткерилген. Изертлеў нәтийжелери илимпазлар жазған коллективлик монографияда жәрияланған. Изертлеўге батыс Арал теңизиниң жағыслары, Белтаў, Қусханатаў, Порлытаў, Аққала, Қырантаў бийикликлери ҳәм т.б. тартылған. Бул жерлерде бир қатар санаат тараўлары ушын пайдалы шийки затлар – мергель, глауконит, бентонит, кварцлы қум, кремний, мирабилит, ильменит ҳәм т.б. минерал түрлери анықланған.
Соны да айтып өтиў керек, еле анықланбаған кәнлер де баршылық. Жоқарыда көрсетилген кәнлерди өзлестириў пайдалы екенин толық экономикалық тийкарлаў ҳәм оларға санаатлық баҳа бериў ол кәнлерде минерал-шийки зат ресурслардың қуўатын және прогноз запасларын анықлаў зәрүр ҳәм оларды категориялар бойынша анықлаў керек. Солай екен, бул пайдалы қазылмалар кәнлеринде кең көлемли геологиялық излеў, қазыў жумысларын өткериў талап етиледи.
Ҳәммеге белгили, Арал апатшылығы Мойнақ районының экономикасына белгили тәризде зыян жеткерди. Соның менен бирге, айтып өтиў керек, ҳәзирги күнде қурып қалған Арал теңизиниң түбинде ири көлемдеги қазыў жумыслары алып барылмақта, газ қазып шығарылмақта, Мойнақ районында газкомпрессорлық станция ислеп тур. Бир қатар исбилерменлер тәрепинен районда халық тутыныў товарларын ислеп шығарыўды жолға қойыў, ҳәр түрли киши өндирис кәрханаларын жаратыў бойынша усыныс ҳәм идеялар алға сүрилмекте. Банклер тәрепинен исбилерменликти раўажландырыў бойынша, оларға жеңиллестирилген кредитлер бериў арқалы қоллап-қуўатлаў ҳәрекетлери әмелге асырылып атырған болса да, бул усынысларды әмелге асырыў, төменде көрсетилген базы бир машқалаларға барып тақалады.
Мойнақ районының территориясы жүдә үлкен: ол Арал теңизиниң үлкен бөлегин өз ишине алыўы менен бирге Әмиўдәрьяның еки жағасында да орналасқан. Ең үлкен халық жасайтуғын пунктлер – районның орайы Мойнақ қаласы ҳәм Қазақдәрья елаты болып есапланады. Қазақдәрья елатында шарўашылық раўажланған. Бул еки ири халық жасайтуғын пунктлер өз ара транспорт жолы менен байланыспаған, яғный, олар басы берик аймақларда жайласып қалған.
Белтаў, Қусханатаў, Порлытаў, Аққала бийикликлериндеги минерал-шийки затлар ресурсларының көп запаслары бар екенлигин есапқа алсақ, оларды өзлестириў ушын тийисли транспорт инфраструктурасы менен тәмийинлениў зәрүр. Ал, Қарақалпақстандағы темир жол магистралы республиканың машқалалы аймақларына жетип бармаған. Соның ушын, Шымбай қаласынан Тахтакөпирдиң орайына шекем, оннан кейин Порлытаў, Қусханатаў бийикликлериниң қасынан Қазақдәрья елатына шекем темир жол линиясын даўам еттириў керек.
Әмиўдәрьяның дельта бөлегинде, дәрьяның еки жағасында еки суў сақлағыш жайласқан. Булар дәрьяның шеп жағасындағы “Междуречье” ҳәм оң жағасындағы “Майпост” суў сақлағышлары. Усы еки суў сақлағышты бириктирип, усы жерден Тақыятас гидроузелине уқсаған темир жол ҳәм автотранспорт өтетуғын жолы бар капитал суў жибериўши қурылыс қурыў керек. Жоқарыда көрсетилген бириктирилген еки суў сақлағыш Әмиўдәрья дельтасында үлкен бир суў сақлағышты қурайды (ондағы суў сақлаў көлеми 600,0 миллион куб. метрден 800,0 миллион куб. метрге шекем болады). Оннан кейин Қазақдәрья посёлкасынан Мойнақ қаласына шекем гидроқурылыс арқалы темир жол линиясын даўам еттириў керек, соң Үшсай посёлкасы арқалы Судочье көлиниң арқа тәрепиндеги аймақ ҳәм Үстирттеги Әмиўдәрья заказнигине шекем даўам еттирип, Қоңырат-Бейнеў магистралы менен байланыстырыў керек. Бул жағдайда барлық аймақлар бойынша темир жол линиясының узынлығы 300 километрди қурайды.
Бул жойбарды әмелге асырған жағдайда, төменде көрсетилген бир қатар экономикалық мәселелердиң шешими табылады.
Бириншиден, Междуречье-Майпост суў сақлағышы (шәртли атама) Мойнақ районындағы Арал апатшылығы менен байланыслы келип шыққан социал-экономикалық ҳәм экологиялық көплеген машқалалардың шешилиўине жәрдем береди. Атап айтқанда, бул суў сақлағыш себепли аймақтағы балықшылық жумысын белгили дәрежеде тиклеўге болады. Сазан, ақ амур, толстолоб сыяқлы балықларды өршитиўге мүмкиншилик жаратылыўы менен бирге, арал сүўени, бекире сыяқлы балық түрлерин сақлап қалыў ҳәм олардың көбейиўин тәмийинлеўдиң мүмкиншилиги пайда болады. Себеби, атап өтилген балықлардың мәканы Әмиўдәрья дельтасы болып табылады. Қәнигелердиң баҳа бериўинше, балықшылық технологияларын жедел ендирсе, Әмиўдәрья дельтасында жақын арада балық өниминиң муғдарын жылына бир неше он мың тоннаға шекем өсириўге болады.
Екиншиден, Әмиўдәрьяның дельта бөлеги аймағында аўыл хожалығы жумысларын алып барыў ушын өнимли майданлардың үлкен запаслары бар (шама менен 100 мың га). Суў сақлағыштың суў запасларын пайдаланыў тийкарында бул территорияларды өзлестириў мүмкин. Бул жерлерде алдын дийқаншылық жумыслары алып барылмағанлығы себепли, суўды тежеў мақсетинде тамшылатып суўғарыў усылы арқалы бул жумысларды әмелге асырыў мақсетке муўапық болады.
Үшиншиден, суў сақлағыш Мойнақ районының барлық халық жасайтуғын орынларын суў менен тәмийинлеў мүмкиншилигин береди. Бул ушын суў сақлағыш қасынан арнаўлы суў тындырғыш жаратыў керек болады. Бул жерден белгили халық жасайтуғын пунктлерге суў тармақларын тартыў мүмкин болады.
Төртиншиден, Қарақалпақстан Республикасының арқа районларында өткерилген темир жол линиялары, бул жерлердеги халықтың бәнтлиги бойынша машқалаларды кескин түсиреди. Себеби, бул территорияларда жайласқан минерал-шийки зат жер асты байлықларын қайта ислеў бир қатар өндирис кәрханаларын жаратыў имканиятын береди. Ал транспорттың темир жол түри шийки затты қазып алған жерден өндирис кәрханаларына жеткерип бериўди ҳәм таяр өнимди сол жерден тутыныўшыларға жеткерип бериўди тәмийинлейди.
Бесиншиден, темир жол Өзбекстанда жаңа туристлик маршрутларды ашыў имканиятын береди. Темир жолының тармағы бойлап Тахтакөпир ҳәм Қараөзек районларының туристлерге қызықлы болған кең саҳра пейзажлары ашылады. Бул жерлерде Арал теңизиниң түбинде қолдан тигилип өсирилген сексеўиллер бар. Кейин маршрут Мойнақ районындағы суў қурылысы арқалы Судочье көлинен өтеди. Судочье көли флора ҳәм фаунаға бай. Әсиресе, қуслар мәканы саналады. Ол жерде тәбиятта сийрек гезлесетуғын фламинго қусларыныӊ мәканын көриўге мүмкиншилик туўылады. Судочье көлинен кейин маршрут Үстирттеги Әмиўдәрья заказнигинен өтеди. Бул жерлерде әжайып Үстирт каньонлары пейзажлары бар. Үстирт тегислигинде жебе тәризли қурылыслар (аранлар), әййемги қорғанлар, пирамида тәризли қурылмалар, сырлы үңгирлер сыяқлы бай археологиялық объектлер бар.
Алтыншыдан, өткерилген темир жол линиясы халық ҳәм исбилерменлер ушын теңдей қолайлы транспорт түри болады.
Улыўма алғанда, бул концепция арқа районлардың социал-экономикалық раўажланыўын тәмийинлейди. Аймақта туризм раўажланады. Пайдаланылмай жатырған жер асты байлықларының кәнлери ашылады. Халық таза ишимлик суўы менен тәмийинленеди. Ең тийкарғысы Арал апатшылығынан жәбир көрген халық жақсы жасай баслайды.
Е.Қанаатов
Қарақалпақстан хабар агентлиги директоры