Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң усы жыл 25-январьдағы «Пахта–тоқымашылық өндирисин шөлкемлестириўдиң заманагөй түрлерин енгизиў илажлары ҳаққында»ғы қарары тийкарында быйылғы жылдан баслап Елликқала районында пахта «Кластер» жойбары шеңберинде жаңа усылда жетистириледи.
Усы мақсетте районда «Bostan Klaster» жуўапкершилиги шекленген жәмийети шөлкемлестирилди. Жойбар шеңберинде быйыл 11 мың 40 гектар майданға шигит егилип, ҳәр гектардан орташа 22 центнерден, жәми 24 мың 241 тонна өним алыў режелестирлмекте.
«Klaster» жойбары бойынша пахта талшығын қайта ислеў қуўатлылығы жылына 10 мың тонна болып, оннан 8 мың 500 тонна ийирилген жип, сондай-ақ, 10 миллион погонометр жинси ҳәм 3 мың 500 тонна жумсақ сүлги материаллары, қалған 14 мың 200 тоннадан зыят пахта өними ийирилген жип түринде ислеп шығарылады. Соның нәтийжесинде пахта-тоқымашылық өндирисинде 600 жаңа жумыс орны жаратылады.
-Бүгинги күнге «Bostan Klaster» ЖШЖ менен пахташылыққа қәнигелестирилген 380 фермер хожалығы арасында контрактация шәртнамалары дүзилди, – дейди Елликқала районы Аўыл ҳәм суў хожалығы бөлими баслығының орынбасары Алымбай Сейтимбетов. – Пахташылықта республикамызда бириншилерден болып енгизилип атырған бул жаңа усыл фермерлеримизде айрықша қызығыўшылық оятпақта.
Қарарға муўапық, «Bostan Klaster» ЖШЖ фермер хожалықларына жер, суў ҳәм басқа да ресурслардан нәтийжели ҳәм ақылға уғрас пайдаланыўға, оннан алынатуғын өнимдарлықты арттырыўға, жетистирилген пахтаны өз ўақтында сепситпей жыйып-терип алыўға жәрдемлеседи. Сондай-ақ, оны терең қайта ислеп, жоқары сападағы өним ислеп шығарыўды тәмийинлейди. Фермер хожалықларына лизинг тийкарында техникалар алыў, минерал төгин, туқым-шигит, жанылғы-майлаў материаллары, пахтаны химиялық ҳәм биологиялық усылда қорғаў ҳәм басқа да материаллық ресурсларды жеткерип береди. Сатып алынатуғын пахтаның баҳасы фермер хожалықларының рентабельлиги есапқа алынып, агротехникалық илажлар тийкарында қәлиплестирилетуғын қәрежетлерден келип шыққан ҳалда шәртнама тийкарында белгиленеди ҳәм мәмлекеттиң талабы ушын белгиленетуғын баҳадан төмен болмаўы тийис.
– Бул жаңа усылдың енгизилиўи фермер хожалықларында пахта зүрәәтлилигин арттырыў менен бирге, олардың истиң ақырғы нәтийжесине болған қызығыўшылығын арттырыўға хызмет етеди, – дейди Қарақалпақстан Республикасы Аўыл ҳәм суў хожалығы министрлигиниң бас қәнигеси Оралбай Қалханов. – Фермер хожалықлары енди бурынғыдай тек жетистирген пахта шийки затынан ғана емес, бул усылдың абзаллықларының бири сыпатында, оның қайта исленип, таяр өним болып шыққанға шекемги дәраматтан тийисли үлеслерин алады ҳәм бул олардың экономикалық жағдайларының жақсыланыўына унамлы тәсирин тийгизеди.
Д.АБИБУЛЛАЕВ
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы