Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында Түркий тиллер факультети қарақалпақ әдебияты кафедрасы тәрепинен қарақалпақ әдебиятының классик шайыры Бердақ Ғарғабай улының 195 жыллығына арналған «Бердақ еди шайырлардың данасы» атамасындағы илимий-теориялық конференция шөлкемлестирилди.

Илажды институттың жаслар мәселелери ҳәм руўхый-ағартыўшылық ислери бойынша биринши проректоры Қ.Қодиров басқарып барды.

Конференцияда филология илимлери бойынша философия докторы (PhD) Қ.Мәмбетов «Бердақ дөретиўшилигинде диний уғымлар», қарақалпақ әдебияты кафедрасының докторанты Қ.Сәрсенбаев «Бердақ дөретиўшилигиниң ҳәзирги дәўирде үйренилиўи», магистрант Г.Жумамуратова «Бердақ дөретиўшилигиниң изертлениўи» атамаларындағы баянатларын оқып берди.

Хабарыңыз бар, елимизде 27-ноябрь сәнеси классик шайыр, өз қосықларында бәрқулла халықтың ғам-тәшўишлерин жырлаған, бахытлы турмысты әрман еткен уллы сөз сезгери Бердақ (Бердимурат) Ғарғабай улы дүньяға келген күн сыпатында кең түрде белгиленеди.

Қарақалпақ әдебиятында Бердақтың шығармалары терең философия ҳәм дидактикалық мазмунға ийе екенлиги менен өзгешеленип, жаслар тәрбиясында үлкен әҳмийетке болып есапланады.

Бердақ өзи жасаған замандағы халықтың күнделикли турмысы, жасаў шараятлары ҳаққында ҳақыйқый картинаны жаратып беретуғын қосықлар, поэзиялық шығармалар дөретти.

Оның шығармаларын изертлеў бойынша усы күнге шекем Н.Дәўқараев, Ә.Пахрадинов, И.Сағыйтов ҳәм басқа да көрнекли илимпазлар илимий жумыслар алып барған болса, бүгинги күнде де докторантура ҳәм магистратура басқышларында оқып атырған илимий излениўшилер бул бағдардағы жумысларды даўам еттирмекте.

Илажда Бердақ шығармаларын үйрениўдиң әҳмийети, бул бойынша орын алып атырған машқалалар, оның поэзиясын халқымыз, әсиресе, жаслар арасында кең үгит-нәсиятлаў бойынша әмелге асырылыўы зәрүр болған жумыслар бойынша пикир алмасылды.

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.