Республикамызда 2022-жыл 15-ноябрьден 25-ноябрьге шекем «Қәўипсиз мәҳәлле» 10 күнлик үгит-нәсиятлаў декадасы дағазаланған еди.

Усы декада шеңберинде орынларда тийисли тараў қәнигелери менен биргеликте үгит-нәсият жумыслары, ушырасыўлар, рейд илажлары әмелге асырылмақта.


Тахтакөпир районында да Мәҳәлле ҳәм нураныйларды қоллап-қуўатлаў бөлими баслығы Қ.Қайратдинов, профилактика инспекторы Б.Сарсенбаев, Айдын жол мәкан пуқаралар жыйыны баслығы М.Қудияровлар биргеликте жаслар, жас өспиримлер арасында жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықтың алдын алыў мақсетинде түнги рейд илажларын әмелге асырды.

Рейд барысында түнги компьютер ойынлары, саўда орынлары ҳәм басқа да жерлерде жаслар арасында түсиник жумыслары алып барылды. Мәкеме ийелери менен де сәўбетлесиўлер өткерилип, тийисли тәртип-қағыйдалар түсиндирилди.


Тийкарғы мақсет – жаслардың усындай орынларда мезгилсиз ҳәм мақсетсиз жүриўиниң алдын алыў, ўақытларын мазмунлы өткериўге, оқыўға ҳәм пайдалы жумысларға жумсаўға бағдарлаў болып есапланады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги