Мәмлекетимиз басшысының бийлигине муўапық, «Нөкис» улыўма әскерий полигонындағы жыйында қатнасып атырған Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаяты жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары ҳәм мәмлекетлик шөлкемлер басшылары әскерий турмысқа әдеўир бейимлесип алды.

Арқа-батыс әскерий округи баспасөз хызметиниң мәлим етиўинше, усы жылдың 21-ноябрь күни басланған жыйынның екинши күни азанда дене шынықтырыў шынығыўлары менен даўам етти. Еки күн ишинде әскерий турмысқа әдеўир көнлигип қалған басшылар менен оқыў шынығыўлары қатаң тәртип ҳәм режеге муўапық алып барылмақта.

Азанғы чайдан соң қатнасыўшылар менен сап таярлығы шынығыўы өткерилип, онда тәжирийбели әскерий хызметкерлер тәрепинен сап ҳәм оның элементлери, жүриў-турыў, қатарда турыў қағыйдасына тийкарланып қуралсыз ҳәрекетлениў тәртип-қағыйдалары әмелде көрсетилип, шынығыўлар өткерилди.

Жыйында Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығы Қаҳраман Сариев ҳәм Хорезм ўәлаятының ҳәкими Фарҳод Эрманов та қатнаспақта.
























Түсликке шекем жыйын қатнасыўшылары ушын полигондағы Руўхый-ағартыўшылық орайында дүнья ҳәм регионымызда әмел етип атырған әскерий-сиясий жағдай, әскерий хызметти шөлкемлестириўдиң нызамлы тийкарлары, мәмлекетимиз Қураллы Күшлери системасында алып барылып атырған реформалар нәтийжеси, мобилизациялаў тийкарлары, сондай-ақ, әскерлерде жаўынгерлик таярлықты шөлкемлестириўдиң өзине тән өзгешеликлери бойынша округ ўәкиллери тәрепинен лекциялар оқылды.

Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлери әскерий хызметкерлериниң руўхый-ағартыўшылық дәрежесин арттырыў, олар менен руўхый-ағартыўшылық, мәдений ҳәм басқа да илажларды шөлкемлестириў тийкарлары түсиндирип берилди.

Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаятының жаслары арасында «Бир муғаллимге – бир талабан» принципи тийкарында республикалық жоқары әскерий билимлендириў мәкемелерине талабанларды сайлап алыў ҳәм таярлаў системасының нәтийжелилиги, ерисилген нәтийжелер жеткерилди.

Түсликтен соң жыйын қатнасыўшылары менен жаўынгерлик, байланыс ҳәм тактикалық медициналық таярлық бойынша әмелий шынығыўлар шөлкемлестирилди.

Оқатар қуралларды толық емес бөлеклерге ажыратыў ҳәм жыйнаў, оқ, оқ-дәри менен толтырыў, қуралды оқ атыўға таярлаў, гөзелеў ҳәм тактикалық ҳәрекетлер менен жаўынгерлик жуплықта белгиленген тосқынлықлардан өтип, позицияны ийелеў бойынша өткерилген шынығыўларда қатнасыўшылар үлкен қызығыўшылық пенен қатнасты.

Әскерий тараўда әскерлерди басқарыўды шөлкемлестириў ҳәм бирге ислесиўди тәмийинлеўде байланыстың орны әҳмийетли. Жыйын даўамында әскерий тараўда қолланылатуғын байланыс қураллары, түрлери, байланыс ҳәм бөлимлер басқарыўын шөлкемлестириў де көргизбели түрде көрсетилди.

Саўаш майданында жараланған жолдасын тыныш жерге алып өтиў, өзине ямаса басқаларға биринши медициналық жәрдем көрсетиў бойынша әскерий-медициналық қәнигелер тәрепинен өткерилген шынығыўлар қатнасыўшыларда зәрүр көнликпелер қәлиплесиўине хызмет етти.

Арқан тартысыў, тас көтериў, пышақ ылақтырыў бойынша өткерилген беллесиўлер қарақалпақстанлы ҳәм хорезмли кәсиплеслердиң күшин сынап, саламат бәсеки астында беллесиўге имканият жаратты. Жарыслардың жуўмағы бойынша дослық жеңип шықты.

Жыйынның екинши күнин Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министрлиги тәрепинен шөлкемлестирилген концерт бағдарламасы ҳәммеге көтериңки кейпият бағышлап, жуўмақлап берди.

Жыйын усы жылдың 25-ноябрь күнине шекем даўам етеди. Қатнасыўшыларды алдында көп шынығыўлар күтпекте.

ӨзА