Жол ҳәрекети қағыйдаларына сөзсиз әмел етиўди тәмийинлеў ҳәм оларды қайта бузыў жағдайларының алдын алыў мақсетинде төмендеги тәртипти нәзерде тутатуғын айдаўшыларға жол ҳәрекети қағыйдабузарлығы ушын жәрийма балларын есаплаў системасы енгизиледи:

ҳәр бир жол ҳәрекети қағыйдабузарлығы ушын 12 ай даўамында өз алдына жәрийма баллары есаплап барылады;

есапланған жәрийма баллары белгиленген муғдардан асқан жағдайда айдаўшы белгили бир мүддетке транспорт қуралын басқарыў ҳуқықынан орнатылған тәртипте айырылады;

белгили бир дәўир ишинде жол ҳәрекети қағыйдабузарлығын ислемеген айдаўшыларға кейин ала есапланған жәрийма балларын қысқартыў арқалы хошаметлеў илажлары қолланылады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги