Өзбекстан ҳәм Франция Парижде Ташкенттиң трамвай системасы жойбарын әмелге асырыў бойынша «жол картасы»на қол қойды. Инвестициялық келисимге муўапық, Францияның Alstom машина қурылысы компаниясы 9,1 километрлик трамвай линияларын қурады.

Күнлик жолаўшы тасыў көлеми 78 мың адамды қураўы күтилмекте. Қурылыс жумысларын 2024-жылдың биринши шерегинде баслаў режелестирилген. Жойбардың баҳасы 167,4 млн евроға баҳаланбақта.

Транспорт министри И.Маҳкамов линиялардың жөнелислери еле анық емеслигин билдирди. Ташкентти болажақ «Жаңа Ташкент» қаласы менен байланыстырыўшы Жаңа Өзбекстан көшеси перспективалы бағдарлардан бири болыўы мүмкин. Онда, болжаўларға бола, линия «Дослық» метро бәндиргисинен баслап, Жаңа Өзбекстан көшеси бойлап өтеди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги