Республикалық Қыстаўлы медициналық жәрдем илимий орайыныӊ Қарақалпақстан филиалына ООО «O’zmedimpeks» тәрепинен жәми 1 миллиард 598 миллион 373 мыӊ 218 сумлық Германияда ислеп шығарылған еки заманагөй Karlz Storz SE & Co лапароскоп аппараты ҳәм оныӊ инструментлер топламы  алып келинди.

-12-ноябрь сәнесинен пайдаланыўға тапсырылған медициналық аппарат жәрдеминде бүгинги күнге шекем 30 дан аслам хирургиялық әмелият ҳәм 10 гинекологиялық операция табыслы әмелге асырылды, – дейди усы орайдыӊ хирургия бөлими баслығы Б.Тилеумуратов. –  Заманагөй аппараттыӊ абзаллықлары жүдә көп болып, онда гинекологиялық, урологиялық хирургиялық әмелиятларды әмелге асырыў мүмкиншилиги жаратылған. Операциядан кейин наўқаслардыӊ тез арада тәўир болыўын, яғный, жарақат орынларыныӊ аз болыўын ҳәм тез питиўин тәмийинлейди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги