Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги республикамыздың қала ҳәм районларында аўызеки түрде ҳуқықый түсиниклер ҳәм мәсләҳәтлер бериўши «Ҳуқықый жәрдем айналары»н шөлкемлестириў бойынша кең көлемли жумыслар алып бармақта.

Өзиниң жумысын баслаған «Ҳуқықый жәрдем айналары» елимиздеги исбилерменлер ҳәм физикалық тәреплерге қандай хызметлерди усынады! Айналардың судлар ҳәм пуқаралар ушын қандай пайдалы тәреплери бар! Төменде усы сораўларға жуўап бериўге ҳәрекет етемиз.

Елимиздиң қала ҳәм районларындағы әдиллик бөлимлеринде ашылған «Ҳуқықый жәрдем айналары»нда пуқаралардың суд иси менен байланыслы мәселелери, мүрәжатлары тыңланып, суд-процессуаллық тәртиплер ҳаққында ҳуқықый түсиниклер бериў, усы жағдайларға байланыслы мәселелерде өз хызметлерин усынады. Әҳмийетлиси, пуқаралардың артықша сергиздан болыўының алды алынады. Оларға пуқаралар жеке өзи ҳәм аралықтан телефон арқалы мүрәжат етиўи мүмкин.

«Ҳуқықый жәрдем айналары»ның тийкарғы мақсети пуқараларға ҳуқықый жәрдем көрсетилиўин тәмийинлеў, халықтың суд уйымларына мүрәжат етиўде әмелий көнликпелерин қәлиплестириў ҳәм раўажландырыў, ҳуқықый мәдениятын арттырыўдан ибарат. Суд уйымларына болса, өзиниң жумысын әмелге асырыўда  нәтийжели жумыс алып барыўына, суд-процессуаллық тәртиптеги мәсәлелер бойынша мүрәжат етиўде әмелий көнликпеге ийе пуқаралар менен ислесиў имканияты жаратылады.

Шоманай, Беруний районларында «Ҳуқықый жәрдем айналары» шөлкемлестирилип, район ҳәкимлигине, районлардағы судлардың имаратларына дағазалар жайластырылған. Олар ашылған күннен баслап пуқаралардың мүрәжатлары қабылланып, ҳуқықый мәсләҳәтлер берилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги