Самарқанд мәмлекетлик ветеринария медицинасы, шарўашылық ҳәм биотехнологиялар университети Нөкис филиалында усы жоқары оқыў орнында билим алып атырған студент-қызлар ушын «Саламат шаңарақ – саламат жәмийет тиреги» темасына бағышланған ушырасыў өткерилди.

Ушырасыўда Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Дин ислери комитетиниң Қарақалпақстан Республикасы аймақлық басқармасынан, «Имам ийшан Муҳаммед» жомъе мешитинен, республикалық жас өспиримлер диспансеринен қәнигелер қатнасып, студент-қызларға ерте турмыс қурыў, шаңарақлардың ажырасыўы ҳәм олардың алдын алыў, «Саламат ана – саламат бала» мәселелери бойынша турмыс тәжирийбелерине тийкарланып, пайдалы мәсләҳәтлер берилди. Қатнасыўшыларға саламат турмыс тәризи үгит-нәсиятланып, тәжирийбели шыпакерлер де өзлериниң мәсләҳәтлерин берди.



-Шаңарақ Ўатанымыз ишиндеги киши ўатан есапланады, -дейди филиал директорының ҳаял-қызлар мәселелери бойынша мәсләҳәтшиси Гөззал Ешмуратова. – Бизиң тыныш, абадан келешегимизди тәмийинлеўде сиз, қызларымыздың хызмети үлкен. Болажақ шаңарақ ийеси, перзентлер тәрбияшысы сыпатында шаңарақларыңыздағы тынышлықты, аўызбиршиликти тәмийинлеўде ҳәм жәмийетимиздиң саламатлығын беккемлеўде сизлердиң бүгинги алған билимиңиз, тәрбияңыз әҳмийетли болып табылады.

Ушырасыў шеңберинде қатнасыўшылар филиалдың өнерли қызлары тәрепинен қол мийнети менен исленген буйымларынан ибарат көргизбени тамашалады.


Илаж соңында студент-қызлар өзлерин қызықтырған сораўларына қәнигелерден жуўап алды. Бул илажлар басқа жоқары оқыў орынларында да өткерилмекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги