Республикамызда өткерилип атырған «Өрт қәўипсизлиги айлығы» шеңберинде Самарқанд мәмлекетлик ветеринария медицинасы, шарўашылық ҳәм биотехнологиялар университети Нөкис филиалында Нөкис қалалық Айрықша жағдайлар басқармасы тәрепинен көргизбели семинар өткерилди.

Илажда тараў қәнигелери тәрепинен өзиниң шаңарағында, ижарада ҳәм студентлер турақ жайында жасайтуғын студент-жасларға жылытыў системасы, печьлерден дурыс пайдаланыў ҳәм морыларды тазалаў, зәҳәрли газ ийисинен зәҳәрлениў, ҳаўа-газ араласпасынан келип шығатуғын жарылыўдың алдын алыў қағыйдалары  түсиндирилди.




Көргизбели-семинар даўамында 1-санлы қутқарыў бөлимшеси смена баслығы, капитан И.Султанов, инструктор қутқарыўшы, киши сержант К.Акашев, уста қутқарыўшы, әскер И.Утамбетовлар өрт өшириў техникалары, автомобильлери менен таныстырып, өрт болған жағдайда  дурыс ҳәрекетлениў көнликпелери бойынша түсиник берип өтти.


Гүзги-қысқы мәўсим даўамында жүзеге келиўи мүмкин болған айрықша жағдайлардың алдын алыў, өрт қәўипсизлигин тәмийинлеў бойынша профилактикалық илажлар даўам етпекте.


Қарақалпақстан хабар агентлиги