Пайдаланыўшылар жеке мағлыўматларын қорғаў ушын пароль таңлаўда оғада сақ болған жақсы, дейди россиялы мәлимлеме қәўипсизлиги бойынша эксперт Валерий Степанов «Прайм» агентлиги менен сәўбетте.

Эксперттиң атап өтиўинше, пароль сыпатында «қатар» санларды таңламаў керек, мәселен 123456789, password, аbcqwe ҳәм басқа көринислерде. Себеби бундай парольлерди бузыўға санаўлы секундлар кетеди. Буннан тысқары, оларды қағазға жазбаў керек.

Степановтың мәсләҳәт бериўинше, пароль кеминде сегиз белгиден ибарат болыўы керек. Бир парольде ҳәр қыйлы ҳәриплер, санлар ҳәм басқа да белгилерден пайдаланыў керек. Эксперттиң атап өтиўинше, парольлер ўақты-ўақты менен алмастырып турылыўы керек.

Қарақалпақстан хабар агентлиги