Төрткүл районы Халық билимлендириў бөлиминиң басламасы менен Аққамыс аўыл пуқаралар жыйыны аймағында «Устазлар бағы» жаратылды.

Буның ушын усы аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы 69-санлы улыўма билим бериў мектеби жанынан 1 гектарға шамалас жер майданы ажыратылды. Басламаны қоллап-қуўатлаған мектеп жәмәәти тәрепинен бул жерге 800 түптен аслам алша, алма, беҳи ҳәм ерик сыяқлы мийўели терек нәли егилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги