Нумбео аналитикалық агентлиги 2022-жылда туризм ушын қәўипли мәмлекетлердиң рейтингин дүзип шықты.
Изертлеўшилердиң пикирине қарағанда, жынаятшылық дәрежеси ең жоқары болған дизимди Венесуэла ийелеген. Бул мәмлекетте жынаят 83, 58 баллды қурайды.
Екинши орында 81 балл менен Папуа -Жаңа Гвинея жайласқан. Аўғанстан 76 балл менен күшли үшликке кирген.
Туризм ушын қәўипли мәмлекетлердиң толық дизиминде 142 мәмлекет бар:
- Венесуэла ;
2.Папуа -Жаңа Гвинея ;
- Аўғанстан ;
- Қубла Африка ;
5.Гондурас ;
- Тринидад ҳәм Тобаго;
7.Гаяна ;
8.Сальвадор ;
9.Ямайка ;
10.Сирия.
Өзбекстан бул дизимде 105-орынды ийелеген
Муслатдинова Фарида,
ҚМУ дың интернет журналистика тәлим бағдары студенти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги