Өзбекстан мәмлекетиниң сыртқы қарызы қалдығы 2022-жылдың 1-июль жағдайына бола 26 миллиард долларды қурайды. Бул ҳаққында Қаржы министрлиги баспасөз хызмети хабар берди.
Анық болыўынша, мәмлекеттиң сыртқы қарызы 23,36 миллиард доллар болған болса, ишки қарзы 2,77 миллиард доллар болған. Өзбекстан мәмлекетиниң қарызы ЖИӨге салыстырғанда 2021-жылдың басында 39 процентке, 2022-жылдың 1-июль жағдайына 35,1 процентке төменлеген.
Мәмлекеттиң сыртқы қарызы қалдығы өткен дәўир даўамында 302,9 миллион долларға азайған (ЖИӨге салыстырғанда 31,4 процент). Соннан:
– Өзбекстан атынан тартылған сыртқы қарыз – 16,9 миллиард доллар;
– Өзбекстан кепиллиги астында тартылған қарыз – 6,4 миллиард доллар.
Азада Қдырбаева,
ҚМУдың Интернет журналистикасы тәлим бағдарының 4-курс студенти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги