Қараөзек районындағы мәмлекетлик хызметлер орайы хызметкерлери район орайынан 50 километр узақлықта жайласқан Қойбақ аўыл пуқаралар жыйыны турғынларына көшпели мәмлекетлик хызметлер көрсетти.
Дәслеп орай хызметкерлери халыққа көрсетилип атырған 100 ден аслам мәмлекетлик хызметлер ҳаққында мағлыўмат, сондай-ақ, ҳуқықый-нормативлик ҳүжжетлер туўралы мәсләҳәт ҳәм түсиниклер берилип өтти. Илажларда пуқаралардың тараўға байланыслы ҳуқықый саўатлылығын арттырыў менен бирге, «мәмлекетлик хызметлер орайы – мәҳәлле – пуқара» принципи тийкарында аралықтан турып мәмлекетлик хызметлерден пайдаланыўға үйретилмекте.
Мағлыўмат орнында, Mobile-ID системасын дизимнен өткериў бойынша 25, балаларды мектепке шекемги билимлендириў шөлкемине гезекке қойыў бойынша 10 мәмлекетлик хызмет көшпели түрде көрсетилди.
– Аўылымыз район орайынан жүдә узақта жайласқан, -дейди мәҳәлле ақсақалы Оразбай Серказиев. – Сол себепли де мәмлекетлик хызметлерден пайдаланыў ушын районға барыўға бәрқулла ўақыт таба алмаймыз. Бүгин мәмлекетлик хызметлер орайы қәнигелериниң «Қойбақ»қа келиўи барлығымызды қуўандырды. Әҳмийетлиси, бул көшпели илаж арқалы аўылласларымыздың ўақты да, қәрежети де үнемленди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги