Республикамызда 2022-жыл 15-ноябрьден 25-ноябрьге шекем «Қәўипсиз мәҳәлле –  абат мәҳәлле» он күнлик үгитнәсият декадасы илажлары әмелге асырылмақта.

Декада шеңберинде Әмиўдәрья районындағы Қырққызабад аўыл пуқаралар жыйынында Жоқарғы Кеңес ҳәм жергиликли кеңес депутатлары, ҳәкимият ҳәм тийисли тараў басшылары тәрепинен, АПЖ баслығы, ҳәким жәрдемшиси, жаслар жетекшиси, ҳаял-қызлар белсендиси, профилактика инспекторы, мәҳәлле белсендилери, мектеп басшыларының қатнасыўында мәжилис өткерилди.

Мәжилисте тынышсыз ҳәм ажырасыў алдындағы шаңарақлар арасында мәҳәлле белсендилери, «Шаңарақлық қәдириятларды беккемлеў» комиссиялары менен биргеликте түсиник жумысларын алып барыў ҳәм декада шеңберинде белгиленген жумысларды әмелге асырыў бойынша ўазыйпалар белгилеп алынды.

Мәҳәлледеги басқа да шешилиўи тийис болған мәселелер бойынша пикир-усыныслар билдирилип, алдағы жумыслар келисип алынды.

«Қәўипсиз мәҳәлле –  абат мәҳәлле» декадасы даўамында шаңарақ ҳәм мәҳәллелердеги социаллық-руўхый орталықты жақсылаў, ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў, олардың ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин қорғаў, бәнтлигин тәмийинлеў, мәмлекеттиң жәмийетлик-сиясий турмысындағы ролин арттырыў, кекселер ҳәм нураныйлар, социаллық жәрдемге мүтәж, кем тәмийинленген шаңарақларға материаллық жәрдем бериў, оларды социаллық қоллап-қуўатлаў, халықты шаңарақлық ҳәм жеке исбилерменликке, өнерментшиликке кеңнен тартыў, олардың қыйтақ жерлеринен нәтийжели пайдаланыўына көмеклесиў ҳәм басқа да бир қатар илажларды әмелге асырыўға итибар қаратылады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги