Бас прокуратура жанындағы Экономикалық жынаятларға қарсы гүресиў департаментиниң Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тәрепинен өткерилген тергеўге шекемги тексериўде «Б.С.» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң жуўапкер тәреплери аймақлық коммерциялық банктиң филиалынан шарўашылықты раўажландырыў ушын ажыратылған кредит қаржыларының 3,3 миллиард сумын басқа мақсетлерге сарплап, талан-тараж еткени анықланған.

Бул ҳаққында Департаменттиң баспасөз хызмети хабар берди.

Бул жағдай бойынша Жынаят кодексиниң тийисли статьяларына муўапық жынаят иси ашылып, тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.