Усы жыл 19-ноябрь күни Әмиўдәрья районында «Кекселер ушын туризм айлығы» шеңберинде бир қатар илажлар шөлкемлестирилди.

Таң азаннан «Саламатлық ушын 5000 қәдем» сүрени астында жүриў, киши футбол ойыны ҳәм «Үш әўлад ушырасыўы» өткерилди. Соң қатнасыўшылар райондағы Алмазар мәҳәллесиндеги нураныйлар мәсканы менен танысты.

Оған Қарақалпақстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министри С.Турманов, Өзбекстан Республикасы «Нураный» қоры басқармасының бөлим баслығы М.Умаров ҳәм «Нураный» қоры Қарақалпақстан Республикасы бөлиминиң баслығы Т.Әбдижаббаровлар қатнасты.

Нураныйлар мәканында китаплар көргизбеси, дөретиўши нураныйлар менен ушырасыў, мүсиншилик, сүўретшилик, денетәрбия шынығыўлары, шахмат-шашка ойынлары өткерилди.

Кексе нураныйларымыз, мәҳәлле турғынлары, жаслар усы илажларда белсене қатнасып, кеўилли дем алып сәўбетлесип, пикирлесиў мүмкиншилигине ийе болды.

Илаж қатнасыўшылары сол күнниң өзинде Толқын АПЖ дағы бир қатар нураныйлар менен биргеликте мәҳәлле бағын жаратыў мақсетинде белгиленген орынға саяманлы терек ҳәм мийўе нәллерин отырғызып, елимиз бойлап әмелге асырылып атырған «Әҳмийетли 40 күнлик» илажларына өзлериниң үлесин қосыўға ҳәрекет етти.

«Үш әўлад ушырасыўы»нда жаслар кексе әўлад тәрепинен билдирилген мәсләҳәтлерди тыңлап, руўхый азық алды. Илажда нураныйлар естелик саўғалары менен сыйлықланып, ҳүрмет көрсетилди.

Бул илажлар райондағы және бир қуўанышлы хабар менен қосылып, Аяқшы МПЖ ның жаңадан қурылған имаратының ашылыў мәресимине уласты.















Қарақалпақстан хабар агентлиги