Хабарыңыз бар, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 19-майдағы ПҚ-5117-санлы қарарына муўапық 2022-2023-оқыў жылынан баслап жоқары билимлендириўден кейинги билимлендириў қәнигеликлерине өткерилетуғын таңлаўларда миллий ямаса оған сәйкес дәрежедеги халықаралық сертификатқа ийе талабанлар қатнасыўы тәртиби енгизилген еди.

Өзбекстан Республикасы Инновациялық раўажланыў министрлигиниң хабар бериўинше, жоқары билимлендириўден кейинги билимлендириў қәнигеликлерине шет тилин билиў дәрежесине қарамастан, тек ғана миллий ямаса оған сәйкес дәрежедеги халықаралық сертификатқа ийе болған талабанлардың ҳүжжети қабыл етиледи, сондай-ақ, сертификаты болмаған талабанлар кириў имтиханларына қатнастырылмайды.

Министрликтиң қосымша етиўинше, докторантураға талабанлар Мәмлекетлик тест орайында 26-27-ноябрь күнлери 15 шет тилинен (инглис, немис, француз, испан, түрк, араб, парсы, дари, ҳинд, пушту, урду, қытай, корейс, итальян, япон тиллеринен) имтиханлар шөлкемлестириледи. Сондай-ақ, Шет тиллерин үйрениўди ғалабаластырыў агентлигинде де сертификат алыў ушын шет тилинен имтихан тапсырыў имканияты жаратылған.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.