Ҳүрметли делегация басшылары!
Ҳүрметли конференция қатнасыўшылары!
Ханымлар ҳәм мырзалар!
«Европа Аўқамы ҳәм Орайлық Азияның өз-ара байланыслылығы: турақлы раўажланыў ушын глобал дәрўаза» темасындағы биринши конференцияның барлық қатнасыўшыларын шын жүректен қутлықлайман.
Илажға тиккелей қатнасып атырған Европа Аўқамының Сыртқы ислер ҳәм қәўипсизлик сиясаты бойынша Жоқары ўәкили Жозеп Боррель мырзаға, Орайлық Азия мәмлекетлери сыртқы ислер министрлери, абырайлы халықаралық шөлкемлер, атап айтқанда Европада қәўипсизлик ҳәм бирге ислесиў шөлкеми, Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банки, Европа инвестиция банки басшыларына өзимниң айрықша миннетдаршылығымды билдириўден қуўанышлыман.
Жақында биринши мәрте болып өткен Орайлық Азия – Европа Аўқамы мәмлекет басшыларының саммити және бүгинги халықаралық әнжуман тәреплердиң стратегиялық бирге ислесиўге болған беккем умтылысын айқын көрсетпекте. Биз байланысларымызға үлкен күш-қуўат бағышлайтуғын усындай сөйлесиў ҳәм ушырасыўларды турақлы өткерип барыў зәрүр, деп есаплаймыз.
Ҳүрметли илаж қатнасыўшылары!
Бүгинги күнде дүньяда жүз берип атырған қыйын геосиясий процесслер ҳәм алдын ала болжай алмайтуғын ҳәр қыйлы қарама-қарсылықлар, глобаллық сиясий ҳәм экономикалық турақсызлық, ҳәр қыйлы заманагөй қәўип-қәтерлер регионлар ҳәм мәмлекетлер арасындағы аўызбиршилик пенен өз-ара пайдалы шерикликти кеңейтиўди талап етпекте.
Европа Аўқамының Орайлық Азия бойынша жаңаланған стратегиясы қабыл етилген болса да, тилекке қарсы аўыр сынақ дәўири болған пандемия себепли бурын белгилеп алған көп режелеримизди, европалы шериклер менен күн тәртибиндеги әҳмийетли ўазыйпаларды толық әмелге асырдық, деп айта алмаймыз.
Сонлықтан Самарқанд қаласында өтип атырған бул әнжуман Европа Аўқамы ҳәм Орайлық Азия арасында сөйлесиўлерди жеделлестириў, бирге ислесиўимизди әмелий бағдарлама ҳәм жойбарлар менен байытыў, регионлараралық ашық-айдын ҳәм нәтийжели шерикликти буннан былай да тереңлестириўге қаратылғаны менен оғада әҳмийетли болып табылады.
Биз жедел раўажланып атырған еки әҳмийетли региоанның өз-ара байланысларын күшейтиў, «Глобал дәрўаза» басламасын толық әмелге асырыў мақсетинде әҳмийетли бағдарлар – санлы трансформация, транспорт тараўындағы өз-ара байланыслылықты ҳәм «жасыл өсиў» жойбарларына айрықша итибар бериў зәрүр, деп есаплаймыз.
Бәринен бурын, Европа Аўқамы ҳәм Орайлық Азияның санлы трансформация бағдарындағы үлкен потенциалынан өз-ара пайдалы бирге ислесиў ҳәм инклюзив раўажланыў жолында нәтийжели пайдаланыў айрықша әҳмийетке ийе.
Биз Европа Аўқамының регионымызды байланыстыратуғын кең оптикалық талшықлы коридорлар жаратыў, басқарыў ҳәм социаллық тараў, санаат, денсаўлықты сақлаў, билимлендириў, финанс ҳәм аўыл хожалығында санлы технологияларды кеңнен енгизиўге қаратылған режелери менен бағдарламаларын қоллап-қуўатлаймыз.
Буннан тысқары, дүнья базарларына шығыў, глобаллық интеграция ҳәм бирге ислесиў процесслерине белсене қатнасыў ушын транспорт коридорларын диверсификациялаў регионымыздың барлық мәмлекетлерине бирдей әҳмийетли ўазыйпа болып табылады.
Бул бағдарда Европа Аўқамының бир қатар басламалары регионларымыз арасында ең мақул ҳәм нәтийжели транзит ҳәм логистика инфраструктураларын жаратыўға хызмет ететуғынына исенемиз.
Транскаспий мультимодал маршрутты раўажландырыў арқалы Европа континентиниң Азия менен саўда-экономикалық бирге ислесиўин буннан былай да тереңлестириўге, Орайлық Азия мәмлекетлериниң болса сыртқы базарларға ең қолайлы транспорт коридорлары арқалы шығыўына үлкен үлес қосады.
Сондай-ақ, Европа Аўқамы «жасыл раўажланыў» бойынша бизиң тийкарғы шеригимиз болып табылады.
Регионымызда энергияны нәтийжели жумсайтуғын ҳәм ресурсларды үнемлейтуғын технологияларды кеңнен енгизиў, «ақыллы аўыл хожалығы»н раўажландырыў, қайта тикленетуғын энергия дәреклериниң имканиятларын толық иске қосыўда биз әлбетте, ўәкиллери усы жерде жыйналған барлық Европа мәмлекетлериниң ең алдыңғы ҳәм заманагөй тәжирийбесине сүйенемиз.
Әлбетте, климат өзгериўи ақыбетлерин жумсартыў, инклюзив «жасыл өсиў»ге өтиў, суўдан ақылға уғрас пайдаланыў, экологиялық қәўипсизликти тәмийинлеў буннан кейин де көп тәреплеме бирге ислесиўимиздиң әҳмийетли бағдарлары болып қалады.
Усы мәниде, қоршаған орталық ҳәм суў ресурслары бойынша келеси жылы Рим қаласында болып өтетуғын «Европа Аўқамы – Орайлық Азия» халықаралық конференциясы бул бағдарда анық әмелий нәтийжелерге ерисиўге имканият жарататуғынына исенемиз.
Ҳүрметли илаж қатнасыўшылары!
Орайлық Азия ҳәм Европа Аўқамы арасындағы байланысларды беккемлеў жолында алып барылып атырған биргеликтеги қатаң ҳәрекетлеримиз әлбетте өзиниң унамлы нәтийжесин береди.
«Орайлық Азия – Европа Аўқамы» форматындағы бул платформа турақлы көриниске ийе болып, оның сессияларында бирге ислесиўимиздиң әҳмийетли темалары бойынша нәтийжели додалаўлар өткериледи, регионаллық байланысларымызға байланыслы қатнаслар ҳәм көп тәреплеме бағдарламалық ҳүжжетлер ислеп шығылады, деген үмиттемен.
Усы барлық әҳмийетли мәселелер, ерисилетуғын келисим ҳәм анық жойбарлар бүгинги қабыл етилип атырған Самарқанд декларациясында және тастыйықланатуғын кең көлемли «жол картасы»нда өзиниң толық көринисин табады, деп исенемен.
Пурсаттан пайдаланып, сиз әзизлерге – конференцияның барлық қатнасыўшыларына денсаўлық, бахыт-ығбал ҳәм табыслар тилеп қаламан.
Шавкат Мирзиёев,
Өзбекстан Республикасы Президенти