Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң қарары менен тастыйықланған бағдарламаға муўапық, мәмлекет бойлап кексе әўлад ўәкиллериниң саяхат етиўин хошаметлеў мақсетинде «Кекселер ушын туризм айлығы»н шөлкемлестириў белгиленген.

Усы жыл 19-ноябрьде Өзбекстан Судьялары ассоциациясы Қарақалпақстан филиалының басламасы менен «Саяхат ҳәмме ушын» қайырқомлық саяхат жойбары шеңберинде суд нураныйлары, Қарақалпақстан Республикасы судлары ҳәм Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик судында жумыс ислеп атырған судьялар менен хызметкерлердиң Хийўа қаласына саяхаты шөлкемлестирилди.


Саяхат даўамында нураныйлар қаланың дыққатқа ылайық жерлерине, зыярат орынларына барып, оның тарийхы менен танысты. Халқымыз арасында жүрген рәўаятлар ҳаққында айтысып, пикир алысылды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги