«Қоңырат сода заводы» акционерлик жәмийети қоспа кәрханасы директорының басшылығында өткерилген гезектеги көшпели қабыллаўда хызметкерлер менен биргеликте «Елабад» посёлкалық пуқаралар жыйынының турғынлары да қабыл етилди.
Денсаўлықты тиклеў бойынша 6 пуқара мүрәжат еткен болса, соннан бес пуқараның емлениўи ушын керекли қәрежетлер кәрхана тәрепинен қаплап берилсе, бир пуқара кәрхана шыпакериниң бақлаўында емленетуғын болды. Лаўазым дәрежесин көтериў бойынша үш, материаллық жәрдем сораған бир хызметкердиң мүрәжаты унамлы шешилди. Сондай-ақ, бир пуқараның турақ жайы кәрхана есабынан оңлап берилетуғын болды.
«Елабад» посёлкалық пуқаралар жыйынында автомобильлерди жуўыў шақапшасын ашыў бойынша мүрәжат еткен пуқараға кәрхана балансындағы имараттың бирин ажыратып бериў бойынша үйрениў жумыслары алып барылатуғынлығы билдирилди. Бокс секциясы қатнасыўшыларын керекли инвентарлар менен тәмийинлеўде турақлы қәўендерлик етиў кәсиплик аўқамларына тапсырылды. Балаларды қысқы кийимлер менен тәмийинлеў бойынша жумыслар баслап жиберилди.
Бәнтлик бойынша мүрәжат еткен 70 пуқара кәрханада бос жумыс орынларына таңлаў тийкарында қабыл етиў бойынша дизимге киргизилди. Турақ жай бойынша мүрәжат еткен пуқараларға тийисли тәртипте жәрдем берилетуғын болды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги