Бурын хабар берилгениндей, 11-март күни Қарақалпақ мәмлекетлик қуўыршақ театрында Өзбекстан бодибилдинг, фитнес ҳәм мас-рестлинг федерациясының Қарақалпақстан филиалы тәрепинен спорттың бодибилдинг түри бойынша биринши мәрте Қарақалпақстан ашық чемпионаты  өткерилди.

Чемпионатта ҳәўескерлер арасында өткерилген «Арнольд классик – 2018» таңлаўының алтын медаль ийеси, чемпион, Өзбекстан сайланды командасы ағзасы Михаил Волынкин мийманда болды.

Ашық чемпионатқа Өзбекстан бойынша барлық аймақлардан 13 салмақ категориясында 70тен аслам спортшылар қатнасты.

– Ашық чемпионатқа республикамыздың Бухара, Наўайы, Ташкент, Әндижан, Жиззақ ҳәм Хорезм ўәлаятларынан бодибилдингшилер келди, – дейди Өзбекстан бодибилдинг, фитнес ҳәм мас-рестлинг федерациясы Қарақалпақстан филиалының баслығы Бахыт Шувақбаев. Келешекте мас-рестлинг ҳәм арм-рестлинг бойынша жарыслар өткериў режелестирилмекте.

Жарыс жуўмағында 75 кг салмақ категориясында Илҳам Мырзамуратов (ҚМУ дене мәденияты факультети 1-басқыш студенти) 1-орын, 85 кг салмақ категориясында Нурсайит Ергашов 2-орын, 70 кг салмақ категориясында Алихан Рахметов 3-орын, 80 кг салмақ категорияларында Алпамыс Алламбергенов 3-орын, Ислам Сержанов (НМПИ дене мәденияты факультети 3-басқыш студенти) 4-орын, Зафар Шукуруллаев (ҚМУ тарийх ҳәм ҳуқық факультети 1-басқыш студенти) 4-орын жеңимпазлары деп табылды.

Жеңимпазлар  шөлкемлестириўшилер  тәрепинен таярланған диплом ҳәм естелик саўғалары, сондай-ақ, ақшалай сыйлықлар менен сыйлықланды.

 

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги