Өзбекстан Республикасы Илимлер Академиясы Қарақалпақстан бөлими Қарақалпақ гуманитар илимлер илим-изертлеў институтында Қарақалпақстан Республикасына хызмет көрсеткен жаслар устазы, филология илимлериниң докторы, жазыўшы, шайыр Жалғасбай Хошниязовтың туўылғанына 75 жыл толыўына бағышланған «Миллий руўхый мийрасларымыз – дөретиўшилик қәбилетлеримиз дәреклери» атамасында илимий-әмелий конференция өткерилди.

Конференцияны институт директоры А.Альниязов алып барды.

Онда Өзбекстан Республикасы Илимлер Академиясы Қарақалпақстан бөлими президиумының баслығы, биология илимлериниң докторы, профессор М.Жуманов, профессорлар Ш.Абдиназимов, Қ.Жәримбетов, институттың Қарақалпақ фольклоры бөлиминиң үлкен илимий хызметкери К.Палымбетов, Қарақалпақ әдебияты бөлиминиң баслығы З.Бекбергенова ҳәм басқалар шығып сөйлеп, устаздың илимий ҳәм дөретиўшилик жумыслары туўралы кең түрде мағлыўматлар берди.








Атап өтилгениндей, Ж.Хошниязовтың (әдебий лақабы Муҳаммед Хошан) исми кең оқыўшылар қәўимине шайыр ҳәм илимпаз сыпатында кеңнен белгили. Оның дәслепки қосықлары студент ўақытлары дөреле баслаған.

Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтын табыслы тамамлағаннан соң Ж.Хошниязов Өзбекстан Республикасы Илимлер Академиясы Қарақалпақстан бөлими Тарийх, тил ҳәм әдебият институтының Қарақалпақ фольклоры бөлимине жумысқа киреди.

1967-жылдан баслап қарақалпақ халқының атақлы жыраўлары Есемурат жыраў ҳәм Қыяс жыраўдан бир неше көлемли дәстанлар жазып алады.
Ел арасынан Арал теңизиниң қубла жағалаўларынан халқымыздың фольклорына ҳәм этнографиясына тийисли      көплеген материалларды жыйнаўға ериседи.



1978-жылы Ташкент қаласындағы Тил ҳәм әдебият институтында «Алпамыс» дәстанының қарақалпақ версиясына тарийхый фольклорлық характеристика» темасындағы кандидатлық диссертациясын ылайықлы қорғап шықты. Илимпаз «Алпамыс» дәстанын тек фольклористикалық көзқарастан ғана емес, тарийхый жақтан да дәўирлерге ажыратып, басқа түркий халықлардың дәстанлары менен салыстырып, уқсаслығы ҳәм өзине тән миллий өзгешелигин ашып берди. Оның жумысларына профессор Қабыл Мақсетов илимий басшылық етти.

Ж.Хошниязов қарақалпақ дәстанларын еле де тереңирек изертлеў мақсетинде узақ жыллар даўамында «Қарақалпақ қаҳарманлық дәстанларының пайда болыў дәреклери» деген темадағы докторлық диссертациясы үстинде жумыс алып барды. Илимпаз қарақалпақ халық дәстанларының пайда болыў дәреклерин мифологиялық, аңызлық, әпсаналық элементлер, ҳәр қыйлы жәмийетлик қатламлардың излери, ерте ҳәм орта әсирлердеги жазба мийраслардан алынған мағлыўматлар, қәўимлик бирлеспелер (Қоңырат, Қыпшақ, ноғай ҳәм т.б.) ҳаққындағы илимий-теориялық пикирлердиң тийкарында дәлиллеген. Ол көп жыллар даўамында алып барған илимий изертлеўлери нәтийжесинде 2018-жылы Ташкентте     өзбек тили, әдебияты ҳәм фольклоры институтында докторлық диссертациясын табыслы қорғап шығып, филология илимлериниң докторы илимий дәрежесин алыўға миясар болды.

Ж.Хошниязов     аўдармашы         сыпатында да белгили. Ол Б.Пармузинниң «Айрықша буйрық болғанға шекем» романын (Ә.Қожықбаев пенен бирге), шығыс классиги Н.Гәнжауийдиң ғәззеллерин, С.Мадалиевтиң «Шыңға        шығыў»     қосықлар         топламын, З.Досматовтың «Сары жапырақлар» повестин, соңғы жыллары Хожандийдиң «Латофатнома» шығармасын қарақалпақ тилине аўдарып, бул тараўда да жемисли мийнет етти. Әсиресе, оның илимде Орхон-Енисей жазыўлары атамасы менен кеңнен белгили болған Күлтегинге арналған Киши жазыў, Үлкен жазыў, Билге Қағанға, Тоныкөкке арналған жазба есителиклерди толық қарақалпақ тилине аўдарып жәриялаўы, сондай-ақ, орта әсирлердиң мийрасы болған «Қорқыт ата китабы» (Оғузнама) жазба естелигин қарақалпақ тилине аўдарыўы айрықша ис болды.

– Буннан тысқары, Ж.Хошниязов «Қарақалпақ фольклоры» көп томлығын баспаға таярлаўда, алғы сөз жазыўда, басылымның жуўаплы редакторы (101-106 томлар) сыпатында пидайылық пенен хызмет етти ҳәм өзиниң бай тәжирийбесинен, билиминен келип шығып, бийбаҳа фольклорлық дөретпелеримизге анықлама берип, жанрлардың критерийлерин анықлаўда бир қанша илимий         концепцияларды ислеп          шығыўда айрықша үлес қосқан алымларымыздың бири,-дейди шәкиртлериниң бири филология илимлери бойынша философия докторы Азамат Бекимбетов.

Жалғас Хошниязов илим тараўында қаншелли мийнет еткен болса, көркем әдебият тараўында да жемисли қәлем тербетип киятырған дөретиўши инсан саналады. Ол 1984-жылдан баслап Өзбекстан    ҳәм Қарақалпақстан Жазыўшылары аўқамының ағзасы.

Ж.Хошниязовтың        «Далаларым,      бабаларым», «Абылайсаң», «Қуяштың жасы», «Жасыл мәўсим», «Бабалардың дәстүри», «Балқиш палласи» (өзбек тилинде),         «Мәўсимлер       аралығы» атамаларындағы қосықлар ҳәм поэмалар топламлары менен бир қатарда проза тараўында «Балалықтың булдыр аспаны», «Жулдыз ағып баратыр» повестлери ҳәм «Бир дәрьяның ағысы» деген атамадағы лирикалық шығармаларының 1 томлығы       сыяқлы поэзиялық       ҳәм   прозалық шығармалары избе-из түрде жарық көрди.

Илажда  республикамыздың илимий дәргайлары, жоқары оқыў орынлары, ҳәттеки, ўәлаятлардан келген шәкиртлери шығып сөйлеп, өмир жолы ҳәм мийнетлери жасларға өрнек болған устазға ҳүрмет көрсетилди.






Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги