2022-2026-жылларға мөлшерленген Жаңа Өзбекстанның Раўажланыў стратегиясының Әдил социаллық сиясат жүргизиў, инсан капиталын раўажландырыў бағдарында белгиленген әҳмийетли ўазыйпалардан келип шығып, ӨзЛиДеП Тақыятас районлық Кеңеси тәрепинен «Саламат шаңарақ – беккем шаңарақ» жойбары шеңберинде «Саламат ҳаял – жәмийет келешеги» атамасында Найманкөл АПЖ дағы 50-санлы көп тармақлы шаңарақлық поликлиникада ҳаял-қызлар ушын бийпул медициналық тексериў шөлкемлестирилди.
Мақсет – ҳаял-қызлар арасында саламат турмыс тәризин қәлиплестириў, оларды турақлы түрде медициналық тексериўден өткериў, кеселликлерди ерте анықлаў ҳәм сол арқалы олардың алдын алыўға қаратылған.
Бүгинги күнде Найманкөл аўыл пуқаралар жыйынында 11 мыңнан аслам адам жасап атырған болса, олардан 5560 сы ҳаял-қызлар, ал 1118 и жаслар болып есапланады. Фертиль жасындағы ҳаял-қызлардың саны еки мыңнан аслам.
Усы шетки аймақта шөлкемлестирилген бийпул медициналық тексериўде 43 фертиль жасындағы ҳаял-қызларымыз медициналық тексериўден өткерилди. Оларға саламатлығын беккемлеўге байланыслы зәрүр мәсләҳәтлер берилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги