Самарқанд қаласында 17-18-ноябрь күнлери «Европа аўқамы – Орайлық Азия» форматында сыртқы ислер министрлериниң ушырасыўы ҳәм «Европа аўқамы – Орайлық Азия» өз-ара байланыслылық бойынша халықаралық конференция өткерилмекте.
Бул конференция шеңберинде «Уллы Жипек жолы» халықаралық туризм орайында Европа аўқамының Орайлық Азияда турақлы энергияны раўажландырыўға қаратылған жаңа жойбарына бағышланған дөгерек сәўбети ҳәм «Орайлық Азия жаслар ҳаўазы» форумы шөлкемлестирилди.
Регион мәмлекетлери энергетика бойынша миллий уйымлардың жуўапкерлери ҳәм экспертлери және ЕА ўәкиллери қатнасқан дөгерек сәўбетинде Европа Аўқамы тәрепинен қаржыландырылатуғын «Орайлық Азияда турақлы энергия байланыслылығы» (SECCA) жаңа жойбары иске түсирилгени мәлим етилди. Улыўма бюджети 6,8 миллион евро болған SECCA жойбары ЕА алдыңғы әмелиятына муўапық түрде Орайлық Азияда және де турақлы энергия балансын хошаметлеўге қаратылғаны атап өтилди.
Атап айтқанда, жойбар турақлы энергетика системасына өтиў бойынша миллий сиясатты күшейтиў, регионға қайта тикленетуғын энергия ҳәм энергия нәтийжелилиги бойынша инвестиция тартыў, потенциал ҳәм хабардарлықты арттырыўды нәзерде тутады. Региондағы кейинги өзгерислер перспективалы турақлы энергия байланыслылығының унамлы белгилеринен дәрек береди. Экономикалық өсим ҳәм халықтың санының артыўы нәтийжесинде электр энергиясына талап та артыўы күтилмекте. Бул талапты қанаатландырыў ири инвестицияларды, базар реформасын ҳәм потенциалын раўажландырыўды талап етеди.
– Усы жойбар Европа Жасыл келисими ҳәм Европа Аўқамының Орайлық Азия бойынша жаңа стратегиясына тийкарланады, – деди INTPA Бас директорының орынбасары Марета Жагер ханым. – Бул регионда энергия турақлылығын беккемлеўге үлес қосыў, климат бойынша мақсетлерге ерисиў, жумыс орынлары, бизнес ушын қосымша имканиятлар жаратыўға куяш, самал ҳәм гидроэлектр энергиясы бойынша регионның потенциалын арттырыў сыяқлы мақсетлерди гөзлейди. Ҳәзирги ўақытта регионның әҳмийетли турақлы энергия потенциалынан көплеген институционаллық, финанслық, техникалық ҳәм социаллық тосқынлықлар себепли толық пайдаланылмай атыр. SECCA жойбары усы тосқынлықларды сапластырыў, қайта тикленетуғын энергия ислеп шығарыўды көбейтиў ҳәм регионда энергия нәтийжелилигин арттырыўға хызмет етеди.
Дөгерек сәўбетинде жойбар экспертлери SECCA мақсетлери, режелестирилген илажлар ҳәм күтилип атырған нәтийжелер ҳаққында сөз болды. Турақлы энергетика секторындағы ҳәзирги жағдай ҳәм машқалалар және Европа Аўқамы ҳәм Орайлық Азия арасындағы бирге ислесиўдиң алдағы перспекивасы додаланды.
ЮНИСЕФ, Европа тәлим фонды ҳәм «Юксалиш» улыўмамиллий ҳәрекети менен биргеликте шөлкемлестирилген Орайлық Азия жаслары сөйлесиўинде болса Өзбекстан, Қазақстан, Қырғызстан, Тәжикстан ҳәм Түркменстан жасларының ўәкиллери қатнасты.
Европа Аўқамының Өзбекстандағы елшиси Шарлотта Адриан ханым, «Юксалиш» миллий ҳәрекетиниң баслығы, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының депутаты Бабур Бекмурадов, ЮНИСЕФтиң Европа ҳәм Орайлық Азия бойынша регионаллық директоры Афшан Хан ҳәм басқалар регионда жаслар турмысы, олардың арзыў-умтылысларын қоллап-қуўатлаў, мақсет ҳәм режелерин әмелге асырыўға жәрдемлесиў бойынша өз пикирлерин билдирди.
– Жаслар ҳәмме ўақытта, ҳәр қандай сиясатта шешиўши күш болып табылады, – деди Шарлотта Адриан ханым. – Олар жаңа идея ҳәм басламалар дәреги, жаңа ҳәрекетлениўши күш. Биз жаслардың сиясатқа қатнасыў мәдениятын арттырсақ, оларды қоллап-қуўатласақ, буннан тек ғана пайда көремиз. Орайлық Азияда да жаслардың имканиятынан теңдей ҳәм дурыс пайдаланыўды тәмийинлеўимиз зәрүр. Бул олардың тек ғана өз мәмлекетиниң емес, ал регион потенциалынан максимал дәрежеде пайдаланыўына түртки болады.
ЮНИСЕФтиң Европа ҳәм Орайлық Азия бойынша регионаллық директоры Афшан Хан ханым жаслар регионның социаллық ҳәм экономикалық раўажланыўын жеделлестириўде тийкарғы шерик екенин айтып, оларды қорғаўда бундай платформалар оғада зәрүр екенин атап өтти.
«Юксалиш» миллий ҳәректиниң баслығы Бабур Бекмурадов бүгин Өзбекстанда әмелге асырылып атырған жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясат ҳаққында сөз етип, Президент Шавкат Мирзиёевтиң бул бағдардағы басламаларын тек ғана мәмлекетте емес, ал халықаралық көлемде де кеңнен енгизиў идеясын алға қойып киятырғанын атап өтти.
– Орайлық Азия жасларының даўысын билдириў, басламаларын алға қойыў ушын бүгин Самарқандқа региондағы бес мәмлекеттен ең белсенди, умтылыўшаң, жаңа идея ҳәм басламаларға бай жигит-қызлар келген, – деди Өзбекстан волонтёрлар ассоциациясының баслығы Ширин Обидова. – Ҳәр биримиз тынышлық, раўажланыў ҳәм абаданлықтың тәрепдарымыз. Ҳәр биримиз өз мәмлекетимизде ҳәм пүткил регион көлеминде турақлы раўажланыўды, халықларымыз тыныш өмир сүриўин, заман менен тең қәдем таслаўын қәлеймиз. Бизиң мақсет ҳәм идеяларымыз соған қаратылған.
Жаслар менен сөйлесиўде шөлкемлестириўшилер ҳәм жаслар тәрепинен Орайлық Азия мәмлекетлеринде жасыл экономиканы раўажландырыў, қоршаған орталық ҳәм экология тазалығын тәмиийнлеў, жаслардың тәлим-тәрбиясына байланыслы мәселелер бойынша өз-ара пикир алысылды.
Ғолиб ҲАСАНОВ,
ӨзАның хабаршысы