Президент Шавкат Мирзиёев ыссыхана хожалықларын қоллап-қуўатлаўға қаратылған қосымша илажлардың презентациясы менен танысты.

Бул ҳаққында 5-сентябрь күни азық-аўқат қәўипсизлиги бойынша болып өткен видеоселектор мәжилисинде көрсетпе берилген еди.

Ҳәзирги күнде елимизде 3 мыңнан артық ыссыхана бар. Олардың жәми майданы 6 мың 300 гектардан аслам болып, соннан 4 мың 300 гектары кейинги бес жылда шөлкемлестирилген. Азық-аўқатлардың үзликсизлигин ҳәм экспортын тәмийинлеп атырған көплеген өнимлер усы комплекслерде жетистирилмекте.

Бирақ, соңғы ўақытлары сыртқы базарлардағы шеклеўлер ҳәм транспорт логистикасындағы үзилислер бул тармаққа да унамсыз тәсир етпекте. Атап айтқанда, айырым ыссыханалар бизнес-режесинде 1 тонна өнимниң өзине түсер баҳасы орташа 600 доллар деп есап-санақ етилген болса, 2020-жылы өзине түсер баҳасы 900 долларды ҳәм 2021-жылы 1 мың 200 долларды қураған. Айырым ыссыхана хожалықларында кредит, салық, тәбийғый газ ҳәм электр энергиясы төлемлери бойынша қарыздарлық пайда болған.

Соның ушын, Президентимиздиң тапсырмасына бола, тараўдағы машқалалар үйренилди ҳәм исбилерменлердиң усыныслары тыңланды. Олар тийкарында, ыссыханада өним жетистириў ҳәм оны сатыўдың жаңа механизми ислеп шығылды.

Оған бола, Бағшылық ҳәм ыссыхана хожалығын раўажландырыў агентлиги ыссыханаларға туқым, нәл, минерал төгин ҳәм басқа да материаллық ресурсларды жеткерип береди, өнимди сатып алып, экспорт етеди. Карантин ҳәм өсимликлерди қорғаў агентлиги нәллерди тәрбиялаў бойынша хызметлер көрсетеди.

Соның менен бирге, қаржы жеңилликлери де белгиленбекте. Соның ишинде, ыссыхана хожалықлары ҳәм суўытқышлы қоймаханалар ушын халықаралық финанс институтлары ҳәм мәмлекетлик мақсетли қорлардан ажыратылған кредитлерди қайтарыў мүддети 7 жылдан 14 жылға және жеңиллетилген дәўир 3 жылдан 5 жылға шекем создырылыўы нәзерде тутылмақта. Кредитлерди қайтарыў мүддетлери өнимди жыйнап алыў ҳәм сатыў мүддетлерине бейимлестириледи.

Экспортқа қолайлы өним жетистириўди хошаметлеў мақсетинде сырт ел валютасындағы банк кредитлерин жыллық 4 процентлик ставкада ажыратыў мөлшерленбекте. Санаат типиндеги заманагөй ыссыхана ҳәм логистика орайларын шөлкемлестириў ушын бир пүтин майданлар ашық аукцион саўдаларына шығарылыўы белгиленбекте.

Мәмлекетимиз басшысы бул илажларды мақуллады. Мийўе-овощларды сақлаў, сайлап алыў ҳәм қадақлаў имканиятына ийе болған саўда комплекслерин шөлкемлестириў, жаңа ыссыханалар ушын суў ҳәм электр тармақларын тартыў бойынша көрсетпелер берилди.

ӨзА