Ҳүрметли кәсиплеслер!

Ҳүрметли мырза Мишель!

«Орайлық Азия – Европа Аўқамы» биринши саммитиниң барлық қатнасыўшыларын және бир мәрте қутлықлайман.

Илажды шөлкемлестиргени ушын Қазақстан Республикасы Президенти, ҳүрметли Қасым-Жомарт Кемелевич Тоқаевқа билдирилген миннетдаршылық сөзлерине қосыламан.

Биз бул форматқа әмелий бирге ислесиўди алға қойыў, исеним, шериклик ҳәм өз-ара байланыслылықты беккемлеў ушын зәрүр болған әҳмийетли сөйлесиў майданы сыпатында қараймыз. Ушырасыўларымыз турақлылыққа ийе болыўын қоллап-қуўатлаймыз.

Ҳүрметли саммит қатнасыўшылары!

Пандемия ақыбетлери ҳәм заманагөй қәўип-қәтерлерге қарамастан, биз Жаңа Өзбекстанда артқа қайтпайтуғын түрге енген реформалар стратегиясын әмелге асырыўда даўам етпектемиз. Нәтийжели жумыс ислейтуғын базар механизмлерине, сондай-ақ, жоқары турмыс дәрежеси ҳәм қолайлы турмыс шараятларына ийе күшли ҳуқықый мәмлекетти қурыў бизиң тийкарғы ўазыйпамз болып есапланады.

Орайлық Азия халқының ярымынан көби жасап атырған Өзбекстанда ҳәзирги күнде жедел демографиялық өсиў бақланбақта. Бул болса мәмлекетимиздиң узақ келешекте турақлы раўажланыўы ушын беккем тийкар ҳәм қүдиретли ресурс болып хызмет етеди.

Биз ерискен табысларымыз бенен шекленбеймиз ҳәм жаңа өзгерислер көлемин және де кеңейтиўди өз алдымызға мақсет етип қойғанбыз.

Бул жерде гәп, бәринен бурын, нызамның сөзсиз үстинлиги, пуқаралық жәмийети институтларын ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, инсан ҳуқықлары ҳәм гендер теңликти, сөз ҳәм исеним еркинлигин тәмийинлеў ҳаққында болмақта.

Биз экономикалық тараўда буннан былай да исбилерменлер ушын ең қолайлы шараятларды жаратыў, коррупцияға қарсы маўасасыз гүресиў, бәсеки ҳәм инновациялық бизнес орталығының раўажланыўын хошаметлеў жолынан барамыз.

Пурсаттан пайдаланып, ҳүрметли Президент Мишель, Сизге, барлық европалы досларымыз ҳәм шериклеримизге ҳәрекетлеримизди турақлы қоллап-қуўатлап киятырғаныңыз ушын шын кеўлимнен миннетдаршылық билдирмекшимен.

Ҳүрметли делегациялар басшылары!

Мәмлекетимиздиң узақ мүддетли ҳәм избе-из раўажланыўы пүткил Орайлық Азиядағы турақлылық ҳәм абаданлық пенен тығыз байланыслы екенин биз жақсы түсинемиз. Мине, сонлықтан, Өзбекстан жақсы қоңсышылық ҳәм регионаллық шериклик мәселесин исенимли алға қоймақта.

Биргеликтеги ҳәрекетлеримиз нәтийжесинде Орайлық Азияда пүткиллей жаңа сиясий орталық пайда болды. Бир неше он жыллар даўамында жыйналып қалған, шешилиўине ҳеш ким исенбей қойған көплеген машқалалар бир неше жыл даўамында сапластырылды. Кәсиплеслеримниң айтып өткениндей, Орайлық Азия мәмлекетлери басшыларының турақлы Мәсләҳәт ушырасыўларының нәтийжели механизми жаратылды.

Биз, бәринен бурын, өзимиз ушын улыўма регион қәўипсизлиги ҳәм раўажланыўы жолында келисимге қәдем қоя алатуғынымызды дәлийлледик.

Мырза Мишель, Сизге бул өзгерислердиң түпкиликли мәнисин түсиниўиңизде жәрдем беретуғын бир неше мысалларды келтирип өтсем.

Алты жыл алдын бизиң региондағы басқа мәмлекетлер менен шегараларымыз жабық еди. Өз-ара саўда әмелде раўажланбай қалған, биз экономикалық бирге ислесиўшилерди регион сыртынан излейтуғын едик. Турақлы коммуникация, транспорт қатнаўлары ҳәм жедел гуманитарлық алмасыўлар жоқ еди.

Бүгин жағдай пүткиллей өзгерди. Биз визасыз режимди енгиздик, барлық өткериў пунктлерин аштық. Авиапәрўазлар ҳәм қурғақлық арқалы тасыўларды тикледик ҳәм олардың санын көбейттик. Өзбекстан ҳәм регион еллери арасындағы товар айланысы 10 есеге өсти.

Кооперациялық байланыслар күшейип бармақта, ири жойбарларды әмелге асырыў ушын инвестициялық компаниялар ҳәм басқа да қаржы механизмлериниң жумысы жолға қойылды.

Әлбетте, регионда еле де өз шешимин таппаған мәселелер бар. Бирақ, бизиң күшли сиясий ерк-ықрарымыз ҳәм улыўмалық дөретиўшилик руўхы региондағы туўысқан мәмлекетлер менен халықларды және жақынластырыўға хызмет ететуғынына исенемиз. Ҳәм мен Европа Аўқамы усы ийгиликли мақсетлерге ерисиўди қоллап-қуўатлаўда даўам ететуғынына шын кеўилден исеним билдиремен.

Ҳүрметли кәсиплеслер!

Биз регионымыздың Европа Аўқамы менен бирге ислесиўин төмендеги тийкарғы бағдарларда избе-из тереңлестирип барыў тәрепдарымыз.

Саммит алдында биз Өзбекстанда саўда-экономикалық бирге ислесиў тараўындағы жумыслардың жағдайын талладық. Ҳақыйқатында да, мәмлекетлеримиз «GSP+» жеңиллетилген саўда системасына қосылғанынан соң Европа Аўқамының еллери менен товар айланысының өсиў пәти бизди қуўандырады. Тек ғана усы жылдың басынан берли жоқары қосымша қунлы өзбек өнимлериниң экспорты дерлик еки есеге артты. Бирақ, тилекке қарсы, улыўмалық санлар бар болған үлкен имканиятларға ҳәзирше сәйкес келмейди.

Ҳәммемизге белгили, Европа базарларында таяр, шийки зат болмаған товарлар номенклатурасы менен мүнәсип бәсекилесиўи ушын мәмлекетлеримиз бир қатар комплексли мәселелерди шешиўи керек.

Бириншиден, бул санаат өнимлеримиздиң Европаның жоқары стандартлары ҳәм техникалық регламентлерине муўапықлығын тәмийинлеў.

Екиншиден, ҳәзирги шеклеўлерди есапқа алған ҳалда, Европа Аўқамының базарларына шығыў ушын ең қолайлы нәтийжели транспорт-логистика коридорларын жаратыў, бәринен бурын, Транскаспий мультимодал маршрутын раўажландырыў.

Үшиншиден, европалы тутыныўшылар арасында Орайлық Азия мәмлекетлери өнимлериниң танылыўы ҳәм өтимли болыўы ушын қоспа маркетинг изертлеўлерин және мақсетли илаж ҳәм акциялар өткериў.

Буннан тысқары, регионымыздағы көплеген мәмлекетлерде Европа инвестициялары менен технологияларына үлкен талап бақланбақта. Кәсиплеслерим бул бағдарда мени қоллап-қуўатлайды, деп ойлайман.

Мысалы ушын, Өзбекстанда Европа компаниялары менен жәми 900 қоспа кәрхана ҳәм жойбарлар жумыс ислейди.

Ҳәзирги шараят себепли биз дүньяның басқа регионларынан инвестиция ҳәм кредитлерди тартып атырмыз. Базарларымыздағы Европа компаниялары ийелеўи мүмкин болған жерди үшинши мәмлекетлердеги бәсекилеслер толтырмақта.

Бул мәселелерди системалы түрде шешиў ушын Ҳүкиметлеримиз Бас министрдиң орынбасарлары дәрежесинде «Европа Аўқамы – Орайлық Азия» Экономикалық бирге ислесиў комитетин шөлкемлестириўди усыныс етемиз.

Усы структураның жумысы шеңберинде «Глобал дәрўаза» басламасының мақсет ҳәм ўазыйпаларын қамтып алған ҳалда, саўда-экономикалық бирге ислесиўди тереңлестириў ҳәм өз-ара транспорт-коммуникациялық байланыслылықты раўажландырыў бойынша узақ мүддетли стратегиялық бағдарламаны ислеп шығыў мақсетке муўапық.

Комитеттиң биринши ушырасыўын келеси жылы бәҳәрде Европа тиклениў ҳәм раўажлныў банки Басқарыўшылары кеңесиниң жыллық мәжилиси алдында Самарқандта өткериўди усыныс етемиз.

Ҳүрметли саммит қатнасыўшылары!

Европа Аўқамы «жасыл» раўажланыў тараўында бизиң тийкарғы шеригимиз болып есапланады. Европа тәрепин регионымызда қабыл етилген «Жасыл күн тәртиби» бағдарламасын, соның ишинде, төмендеги анық бағдарларды әмелге асырыўда белсене қатнасыўға шақырамызҮ эко-инновациялар, энергия нәтийжели ҳәм ресурс үнемлеўши технологияларды кеңнен енгизиў; экономика тармақларын санластырыў; «Smart-AKIS» европа тармағы жәрдеминде «ақыллы» аўыл хожалығын раўажландырыў; қайта тиклениўши энергия дәреклериниң имканиятларын иске қосыў.

Келеси жылы февраль айында Римде Қоршаған-орталық ҳәм суў ресурслары бойынша «Европа Аўқамы – Орайлық Азия» темасында жоқары дәрежедеги гезектеги конференцияны өткериў усынысын қоллап-қуўатлаймыз.

Оның жуўмақлары бойынша анық, әмелий қәдемлер ҳәм илажларды өз ишине алған биргеликтеги «жол картасы»н  ислеп шығыўды әҳмийетли деп есаплаймыз.

Гуманитарлық тараўда бирге ислесиўимизди төмендеги бағдарларда жеделлестириў зәрүрҮ билимлендириў ҳәм инновация алмасыўлары; мәдений ҳәм туристлик байланыслар.

«Erasmus+» ҳәм «Европа горизонты» бағдарламалары шеңберинде төмендегилерди усыныс етемиз: билимлендириў бойынша Европаның алдыңғы методикаларын енгизиў жойбарын әмелге асырыў; биргеликтеги фундаменталь ҳәм әмелий изертлеўлерди өткериўди шөлкемлестириў.

Буннан тысқары, мәмлекетлеримизде Европаның жетекши жоқары билимлендириў мәкемелериниң филиаллары санын арттырыўдан мәпдармыз. Мысалы ушын, ҳәзирги күнде Өзбекстанда Европа мәмлекетлери университетлериниң 7 филиалы нәтийжели жумыс алып бармақта.

Биз биринши регионаллық профессионал билимлендириў жойбарын әмелге асырыўда белсене қатнасыўға таярмыз.

Европалы шериклеримизди регионымыз халықларының бийбаҳа тарийхый мийрасы, бай мәденияты ҳәм дәстүрлери менен кеңнен таныстырыў мақсетинде биз ноябрь айының екинши ярымында Париждиң Лувр музейинде ири көргизбе шөлкемлестириўди режелестиргенбиз.

Бундай илажларды ҳәр жылы – Европа мәмлекетлериниң пайтахтларында ҳәм мәденият орайларында биргеликте өткерип барыў тәрепдарымыз.

Туризм тараўында ири имканиятлар бар. Ҳәзирги күнде Европа мәмлекетлери жәҳән туризм тармағында сөзсиз жетекши болып табылады. Олар тарийхый мийрас объектлерин қәстерлеп сақлаў ҳәм реконструкциялаў, заманагөй инфраструктураны жаратыў және туристлер ағымын басқарыў бойынша жүдә үлкен тәжирийбеге ийе.

Келеси жылы Хийўа қаласында өткерилетуғын «Европа Аўқамы – Орайлық Азия» биринши туризм форумы шеңберинде Европаның жетекши операторларының итибарына Улыўма регионаллық туризм өнимлериниң концепциясын усыныўды усыныс етемиз.

Пикиримизше, бундай илажлар Европа ҳәм бизиң регионымыз халықлары арасында бир-бирин жақсырақ түсиниў ҳәм гуманитарлық байланысларды беккемлеўге тийкар жаратады.

Ҳүрметли кәсиплеслер!

Регионаллық қәўипсизликти тәмийинлеў әҳмийетли бағдар болып есапланады. Биз Европа Аўқамының терроризм, радикализм ҳәм экстремизм, шөлкемлескен жынаятшылық, наркотрафиялық ҳәм басқа да улыўмалық қәўип-қәтерлерге қарсы гүресиў бойынша биргеликтеги бағдарламалар шеңбериндеги әмелий жәрдемин қәдирлеймиз.

Халықаралық әмелияттан келип шығып, мәлимлеме алмасыў ҳәм заманагөй қәўип-қәтерлерге биргеликте қарсы гүресиў ушын бизиң арнаўлы хызметлеримиз ҳәм ҳуқық қорғаўшы уйымларымыз арасында бирге ислесиўди жолға қойыўды усыныс етемиз.

Буннан тысқары, Аўғанстан мәселесинде бизиң көзқарасымызды қоллап-қуўатлағаны ушын европалы бирге ислесиўшилеримизге миннетдаршылық билдиремиз.

Биз мырза Мишель менен бул машқаланы бир неше мәрте ашық додаладық. Бизиң бул бағдардағы қәўетерлениў ҳәм тәшўишлеримиз уқсас.

Биз аўған халқына турақлы түрде гуманитарлық жәрдем көрсетип киятырмыз. Ҳәттеки ең аўыр дәўирде де электр энергиясы, нефть ҳәм азық-аўқат өнимлерин жеткерип бериўди тоқтатқанымыз жоқ. Аўғанстанға мәмлекетимиз арқалы өтетуғын транзит жүклери үзликсиз әмелге асырылды.

Бизди қыс келиўи менен Аўғанстандағы гуманитарлық жағдайдың кескинлесиўи қатты тынышсызландырмақта. Гәп сол жерде жасап атырған, социаллық кепилликлерден айырылған миллионлаған адамлардың аўыр жағдайы ҳаққында бармақта. Бул комплексли машқаланы мәмлекеттиң әмелдеги ҳәкимияты да, қоңсы мәмлекетлер де еркин түрде шеше алмайды.

Бул жерде пүткил халықаралық жәмийетшиликтиң муўапықластырылған ҳәрекети ҳәм ҳақыйқый жәрдеми зәрүр. Биз, сондай-ақ, Термиз шегара қаламыздағы логистика ҳәм билимлендириў хабларының потенциалынан пайдаланыўда европалы шериклеримиз бенен нәтийжели бирге ислесиўди даўам еттириўге таярмыз.

Ҳүрметли делегациялар басшылары!

Атап өтилгениндей, Европа Аўқамының Орайлық Азия бойынша жаңаланған стратегиясы қабыл етилген ўақыттан берли үш жыл өтти.

Тилекке қарсы, пандемия себепли көпшилик илажлар ҳәм мәселелер толық әмелге асырылмай қалды. Буннан тысқары, глобаллық ҳәм регионаллық жағдай түп-тийкарынан өзгерип, ҳәзирги күнде Орайлық Азиядағы интеграцияласыў процесиниң европалы шериклер тәрепинен белсене қоллап-қуўатланыўын талап етпекте.

Усы мүнәсибет пенен биз Стратегияның орынланыўын жеделлестириў ҳәм бирге ислесиў байланысларымызды беккемлеў мақсетинде көп тәреплеме программалық ҳүжжет – «Жол картасы»н қабыл етиў имканиятын көрип шығыўды усыныс етемиз.

Бул барлық мәселелер келеси айда Самарқандта болып өтетуғын биргеликтеги Өз-ара байланыслылық бойынша министрлер әнжуманы даўамында толық көрип шығылады.

Сөзимниң жуўмағында мәмлекетлеримиздиң турақлы раўажалыныўы, абаданлығы жолында «Орайлық Азия – Евроа Аўқамы» форматындағы ашық, системалы ҳәм өнимли сөйлесиў тәрепдары екенлигимизди және бир мәрте атап өтпекшимен.

Итибарыңыз ушын рахмет.