Туркия Республикасының Анталия қаласында болып өткен Европа ашық турниринде Өзбекстаннан 6 дзюдошы қатнасты. Жас өспиримлер арасында өткерилген беллесиўлерде қарақалпақстанлы палўан қыз Нилуфар Эрмагамбетова 52 килограммға шекемги салмақ категориясында финалға шекемги беллесиўлерди табыслы жуўмақлады. Финалда монголиялы Лхагвасурен Сосорбарам менен болған беллесиўде оған бираз әўмет жетиспеди. Усылайынша ол Европа ашық турниринде гүмис медаль ийесине айланды.
Мағлыўмат ушын, бул турнир Аргентинада болып өтетуғын жас өспиримлер Олимпиадасына рейтинг очколарын береди.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.