Усы жылдың 13-17-октябрь күнлери Армения пайтахты Ереван қаласында самбо бойынша жаслар арасында болып өткен жәҳән чемпионатында Өзбекстан сайланды командасының ағзасы, Елликқала районынан Моҳигүл Комилжанова 72 килограмм салмақ категориясында гүмис медальды қолға киргизген еди.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев спортшыны ҳәм оның тренерин   қолға киргизген әжайып жеңиси менен қутлықлады. Мәмлекетимизде спортты раўажландырыўға қаратылып атырған турақлы итибар нәтийжесинде жаслардың спорт пенен шуғылланыўы, өзлериниң қәбилет ҳәм потенциалын жүзеге шығарыўы ушын зәрүр шараят жаратылып атырғанлығы атап өтилди. Усының нәтийжесинде жасларымыз абырайлы спорт жарысларында, жәҳән ҳәм Азия чемпионатларында, халықаралық турнирлерде айтарлықтай   нәтийжелерге ерисип келмекте.

Илажда спортшыға баҳалы саўға тапсырылды.

Еслетип өтемиз, Моҳигүл Комилжанова самбо бойынша бес мәрте Өзбекстан чемпионы, үш мәрте жәҳән чемпионатының сыйлы орын ийеси ҳәм Азия чемпионы есапланады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.