2022-жылдың 18-октябрь күни Душанбе қаласында болып турған Өзбекстан Сыртқы ислер министри Владимир Норов Европа Аўқамының Орайлық Азия бойынша арнаўлы ўәкили Тери Хакала менен ушырасты.

Европа Аўқамы менен инвестиция, саўда, илим-билимлендириў, экология, туризм ҳәм басқа да тараўларда бирге ислесиўди және де беккемлеў ҳәм раўажландырыўдың әҳмийетли мәселелери додаланды.

Тәреплер усы жылдың 6-июлинде парафинлеў (дәслепки қол қойыў) мәресими болып өткен Өзбекстан ҳәм Европа Аўқамы арасында Кеңейтилген шериклик ҳәм бирге ислесиў ҳаққындағы Келисимге (КШБҲК) тез ўақыт ишинде қол қойылыўы зәрүр екенлигине исенимли болды. Бул кең көлемли ҳүжжет Өзбекстан-Европа қатнасықларын сапа жағынан жаңа басқышқа алып шығыўға хызмет ететуғыны атап өтилди.

Ҳәр қыйлы дәрежеде ҳәм түрлерде режелестирилген илажлар, соның ишинде 2022-жыл 17-18-ноябрь күнлери Самарқанд қаласында болып өтетуғын. «Европа Аўқамы – Орайлық Азия» форматындағы министрлер мәжилиси ҳәм Турақлы раўажланыў ушын «Глобал дәрўаза» темасындағы өз-ара байланыслық бойынша халықаралық конференцияны шөлкемлестириў мәселелери бойынша пикир алысылды.

Саўда-экономикалық бирге ислесиўди кеңейтиўге айрықша итибар қаратылды. Атап өтилгениндей, 2022-жылдың январь-сентябрь айларында Европа Аўқамы мәмлекетлери менен өз-ара саўда көлеми 3,13 миллиард АҚШ долларын қурап, өткен жылдың усы дәўирине қарағанда 14,8 процентке өскени бақланды. Экономикалық дипломатияны жеделлестириў ҳәм инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў бойынша усыныслар додаланды.

Сөйлесиўлерде регионаллық ҳәм халықаралық сиясаттың айырым мәселелери де көрип шығылды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги