Президентимиздиң басламасы менен Тахтакөпир районының ең шетки Белтаў аўыл пуқаралар жыйынында кең көлемли қурылыс ҳәм абаданластырыў жумыслары алып барылмақта.

Усы жыл февраль айында Президент Шавкат Мирзиёев аймақлардағы дөретиўшилик жумыслары, ири жойбарлар ҳәм халықтың турмысы менен танысыў мақсетинде республикамызға сапары ўақтында усы аўыл пуқаралар жыйынында болып, машқалаларды шешиў, бәнтликти тәмийинлеў бағдарындағы усынысларын билдирди.

Район орайынан 40 километр узақта жайласқан аймақта «Абат аўыл» бағдарламасы тийкарында өткен қысқа ўақыт ишинде қурылыс ҳәм оңлаў жумыслары әмелге асырылды. Нәтийжеде аўылдың көриниси өзгерди.

Атап айтқанда, пуқаралар жыйыны уйымы, мәденият орайы, шыпакерлик пункти, мектепке шекемги билимлендириў мәкемеси капитал оңланып, көшелерге қум-шағыл тас араласпасы ҳәм қара қаплама жайылды. Халықты ишимлик суўы менен тәмийинлеў жақсыланды. «Өржап» каналында пиядалар көпири қурылып, халықты көптен берли қыйнап киятырған машқала унамлы шешимин тапты. Электр тармақлары жаңаланып, трансформатор орнатылды.

Аймақтағы усындай өзгерислер менен жаңаланыўларды кең жәмийетшиликке жақыннан таныстырыў мақсетинде көргизбели семинар болып өтти. Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев қатнасып,  бул жумысларды көзден өткерди. Сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутатлары, аўыл ҳәм пуқаралар жыйынларының ўәкиллери бул жерде әмелге асырылған жумыслары менен жақыннан танысты.

Тийкарынан шарўашылық пенен шуғылланатуғын аўылда от-жем базасын беккемлеў бағдарындағы жумыслар қатнасыўшыларда айрықша тәсир қалдырды. Республикамыз шараятында өсетуғын от-жемлик өсимликлер арнаўлы техникалардың жәрдеминде жыйнап алынбақта.

Президентимиздиң усы жыл 24-майдағы «Халықты ишимлик суў тәмийнаты ҳәм ақаба суў хызметлери менен тәмийинленгенлик дәрежесин арттырыў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарары тийкарында халықты таза ҳәм сапалы ишимлик суўы менен тәмийинлеў, ақаба суў хызметин жақсылаў бағдарындағы жумысларды жеделлестириў, ишимлик суў тәмийнаты аўыр пуқаралар жыйынларын хатлаўдан өткериў  бағдарында кең көлемли жумыслар алып барылмақта. Соның ишинде Белтаў аўыл пуқаралар жыйында Ташкент қаласынан алып келинген бураўлаў техникаларының жәрдеминде онға шамалас жер асты қудықларын қазыў жумыслары алып барылмақта. Бул биринши гезекте социаллық тараў объектлерин ҳәм халықтың қыйтақ жерлерин үзликсиз суў менен тәмийинлеў имканиятын береди.

Аўылда жаңа жумыс орынларын жаратыўға айрықша итибар қаратылмақта. Илаж қатнасыўшылары бул жерде шөлкемлестирилген балықшылық хожалығының жумыслары менен танысты.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев жаңадан қурып питкерилген мәденият орайында аймақ турғынлары менен ушырасты. Олар әмелге асырылып атырған қурылыс ҳәм абаданластырыў жумыслары ушын Президентимизге миннетдаршылық билдирилди.

 

Усы күни некеден өтип атырған жас шаңарақларға, мектеп жәмәәтине саўғалар тапсырылды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.