Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёев Қырғызстанға мәмлекетлик сапар менен барады. Бул ҳаққында 18-октябрь күни болып өткен баспасөз әнжуманында Қырғызстан СИМ басшысының орынбасары Нуран Ниязалиев мәлим етти.

Ол, сондай-ақ, Қырғызстан сыртқы сиясатында Өзбекстан Республикасы менен бирге ислесиўди беккемлеў тийкарғы ўазыйпа екенлигин атап өткен.

«Сол себепли Қырғызстан басшысы Садир Жапаров сайланғанынан кейин дәслепки сапарларының бирин Ташкентке әмелге асырды. Шавкат Мирзиёевтиң мәмлекетлик сапары бойынша келисимге ерисилген. Дипломатиялық каналлар арқалы анық мүддети белгиленбекте. Шөлкемлестириў ҳәм мазмунлық бөлимлерин ислеп шығыў керек. Бир қатар еки тәреплеме шәртнамалар, меморандумлар, ҳәрекетлер режеси, инвестициялық жойбарлар таярланбақта, биз оларды Өзбекстан тәрепине усыныс етпекшимиз»,-дейди Нурлан Ниязалиев.

Оның қосымша етиўинше, сапар етиў ўақыты еки президенттиң жумыс графигине байланыслы.

Қарақалпақстан хабар агентлиги