Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 13-октябрь күни Астана қаласында Азияда бирге ислесиў ҳәм исеним илажлары бойынша кеңес саммити шеңберинде бир қатар мәмлекетлер ҳәм халықаралық шөлкемлердиң басшылары менен ушырасыўлар өткерди.

Түркия Республикасы Президенти Режеп Таййип Эрдоған менен ушырасыўда кең көлемли стратегиялық шериклик қатнасықлары ҳәм көп қырлы бирге ислесиўди және де беккемлеў бойынша жоқары дәрежеде ерисилген келисимлердиң әмелге асырылыўы көрип шығылды.

Биргеликтеги инвестициялық жойбарларды алға қойыў ҳәм жаңа исбилерменлик басламаларын әмелге асырыў, Түркия жетекши компанияларының мәмлекетимиздеги мәмлекетлик кәрханаларды меншиклестириў процесиндеги қатнасына айрықша итибар қаратылды.

Жедел гуманитарлық алмасыўларды, бәринен бурын, мәденият ҳәм билимлендириў тараўларында даўам еттириў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Усы жылы ноябрь айында Самарқанд қаласында өткерилетуғын Түркий мәмлекетлер шөлкеми саммитине таярлық мәселелери додаланды. Министрлердиң «Өзбекстан-Түркия-Әзербайжан» форматындағы турақлы ушырасыўлары шеңберинде нәтийжели сөйлесиўди кеңейтиўге келисип алынды.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев өзине ажыратылған резиденцияда Түркий мәмлекетлер шөлкеминиң бас хаткери Бағдад Амреевти қабыл етти.

Кейинги жылларда шөлкем шеңбериндеги сөйлесиў жеделлесип, көп қырлы бирге ислесиў кеңейип атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Усы жылдың ноябрь айында Самарқандта болатуғын саммитке таярлық көриў ҳәм оны өткериў мәселелери көрип шығылды.

Мәмлекет басшыларының мәжилиси алдынан күн тәртибин және саўда, инвестиция, транспорт, мәлимлеме-коммуникация технологиялары ҳәм гуманитарлық алмасыўлар бойынша көп тәреплеме ҳүжжетлерди ислеп шығыў мақсетинде министрлер дәрежесиндеги бир қатар ушырасыўлары болып өтеди.

Шөлкем саммитин пуқта таярлаў ушын усы абырайлы регионаллық структура секретариаты менен тығыз бирге ислесиўге келисип алынды.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Пакистан Бас министри Шаҳбоз Шариф басшылығындағы делегация менен сөйлесиў өткерди.

Бурын ерисилген келисимлерге муўапық еки мәмлекет арасындағы әмелий бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелери көрип шығылды.

Өзбекстан ҳәм Пакистан жетекшилери саўда-экономикалық, инвестиция, инновация, транспорт-коммуникация ҳәм мәдений-гуманитарлық тараўлардағы өз-ара пайдалы бирге ислесиў ушын ҳәзирги потенциал ҳәм кең имканиятлардан нәтийжели пайдаланыў зәрүр екенлигин атап өтти.

Аўғанстанда тынышлық процесине ҳәм социаллық-экономикалық тиклениўге жәрдемлесиў мақсетинде «Термиз-Мозори-Шариф-Кобул-Пешовар» темир жолын қурыў бойынша стратегиялық жойбарды әмелге асырыў перспективалары толық додаланды.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Въетнам Социалистлик Республикасы вице-президенти Во Тхи Суан менен ушырасыўында еки мәмлекет арасындағы өз-ара пайдалы бирге ислесиўдиң әмелий тәреплери додаланды.

Ушырасыў алдында Веьтнам делегациясының басшысы Өзбекстан жетекшисине Вьетнам Президенти Нгуен Суан Фуктың қызғын сәлемин жеткерди.

Сөйлесиўлер ўақтында салыгершилик, пахташылық, гөш ҳәм сүт өнимлерин қайта ислеў, химия ҳәм тоқымашылық өнимлерин, автомобильлер ушын комплектлеўши бөлеклер ҳәм электроника ислеп шығарыў сыяқлы перспективалы бағдарларда бирге ислесиў ҳәм биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў ушын бар имканиятлар атап өтилди.

Исбилерменлик байланысларын жеделлестириў ҳәм инвестициялық шерикликти кеңейтиў мақсетинде жақын айларда экспертлер дәрежесинде өз-ара сапарлар өткерилиўи, Ҳүкиметлераралық комиссия жумысы қайта тиклениўи және Өзбекстан – Вьетнам Исбилерменлер кеңеси шөлкемлестирилиўи бойынша келисип алынды.

Парламентлераралық қатнасықларды жолға қойыў, билимлендириўге байланыслы ҳәм басқа да биргеликтеги гуманитарлық бағдарламаларды әмелге асырыў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.


ӨзА