Өзбекстан Республикасы Президентиниң дене тәрбиясы ҳәм спорт министрлиги жумысларын шөлкемлестириў ҳаққындағы қарары қабыл етилди, деп хабар бермекте Әдиллик министрлигиниң «Ҳуқуқий ахборот» каналы.

Қарар тийкарында Дене тәрбиясы ҳәм спорт министрлигиниң шөлкемлестириў структурасы, министрликтиң орайлық аппараты ҳәм оның аймақлық бөлимлериниң сруктуралары, штат бирликлери саны тастыйықланды.

Министрлер Кабинетине пайтахт аймағында «Спорт» еркин экономикалық зонасын шөлкемлестириў бойынша қарар қабыл етиў ўазыйпасы жүклетилди.

«Спорт» еркин экономикалық зонасында дүнья көлеминде жетекши болған спорт кийимлери ҳәм инвентарларын ислеп шығарыўшылар менен бирге заманагөй кәрханалар шөлкемлестириледи.

Сондай-ақ, қарар тийкарында 2018-жыл 1-июньнан баслап дене тәрбиясы ҳәм спортты раўажландырыў ушын төлемлер енгизилмекте.

Атап айтқанда, буннан былай реализацияланған 1 дал (10 литр) пиво ушын – 2000 сум, 1 дал (10 литр) арақ ушын – 5000 сум, 1000 дана сигарета ушын 1000 сум муғдарында төлемлер төлениўи керек.

Бул төлемди алкоголь ҳәм темеки өнимлерин ислеп шығарыўшылар Дене тәрбиясы ҳәм спортты раўажландырыў қорына төлейди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги