Өзбекстан Республикасы Президентиниң дене тәрбиясы ҳәм спорт тараўында мәмлекетлик басқарыў системасын түпкиликли жетилистириў илажлары ҳаққындағы пәрманы қабыл етилди, деп хабар бермекте Әдиллик министрлигиниң «Ҳуқуқий ахборот» каналы.

Пәрманға муўапық:

– Дене тәрбиясы ҳәм спорт мәмлекетлик комитети ҳәм оның аймақлардағы бөлимлери негизинде Дене тәрбиясы ҳәм спорт министрлиги;

– Өзбекстан мәмлекетлик дене тәрбиясы институты тийкарында Өзбекстан мәмлекетлик дене тәрбиясы ҳәм спорт университети шөлкемлестирилди.

Дене тәрбиясы ҳәм спорт тараўы хызметкерлери ҳәм басқа шахсларды хошаметлеў мақсетинде «Өзбекстан Республикасына хызмет көрсеткен дене тәрбиясы хызметкери» ҳүрметли атағы шөлкемлестирилмекте.

Пәрман тийкарында ғалабалық спортты раўажландырыў ҳәм қәбилетли жасларды сайлап алыў (селекция) тараўында билимлендириў мәкемелериниң баслы бағдарлары етип белгилеп берилди.

Пәрманда министрликтиң олимпия спорт түрлерин раўажландырыўға жуўапкер бөлимлери басшылығына талабанлар Өзбекстан Миллий олимпия комитети баслығы менен мәжбүрий түрде келисиўи белгиленген.

Буннан былай дене тәрбиясы ҳәм спорт шөлкемлери, сондай-ақ, билимлендириў мәкемелери менен спорт шөлкемлеринде мийнет етип атырған спорт нураныйларына мийнеттиң басқа ҳақы төленетуғын түрлери менен шуғылланбаў шәрти менен пенсия толық муғдарда төленеди.

Мәмлекетлик билимлендириў мәкемелериниң дене тәрбиясы оқытыўшысы (инструкторы) лаўазымына тайынлаў ҳәм лаўазымынан азат етиў министрлик пенен келисилген ҳалда Қарақалпақстан Республикасы дене тәрбиясы ҳәм спорт министри, ўәлаятлар және Ташкент қалалық дене тәрбиясы және спорт басқармасы баслықлары тәрепинен әмелге асырылыўы белгилеп берилди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги