Пайтахтымыздағы 1-санлы көп тармақлы балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебинде «Саламат шаңарақ» сүрени астында шаңарақлық жарыс болып өтти.

Илаждың ашылыў салтанатында Қарақалпақстан кәсиплик аўқамлары шөлкемлери бирлеспеси Кеңесиниң баслығы У.Жәлменов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, жарыстың мақсет ҳәм ўазыйпаларына тоқтап өтти.

Атап өтилгениндей, жарысты өткериўдеги тийкарғы мақсет кәрхана, шөлкем ҳәм мәкемелерде ислеўши хызметкерлер ҳәм олардың шаңарақ ағзалары арасында саламат турмыс тәризин қәлиплестириў, олар арасында ғалабалық спорт түрлерин кеңнен үгит-нәсиятлаў арқалы түрли кәсип кеселликлеринен қорғаў, дене тәрбиясы ҳәм спорт  пенен турақлы шуғылланыўды олардың күнделикли турмыс тәризине айландырыўдан ибарат болып табылады. Қалалық ҳәм районлық басқышларда жеңимпаз болған командалар бадминтон, шахмат-шашка түрлери, сондай-ақ, «Шаққанлық ҳәм мергенлик», «Шебер ҳүжимши», «Тезлик», арқан тартысыў, «Епшиллик», «Бир команда» эстафета басқышлары бойынша өз ара күш сынасты.

-Бундай жарыслардың өткерилиўи шаңарақлар арасында спортты үгит-нәсиятлаўда айрықша әҳмийетке ийе,-дейди Шымбай районлық медицина бирлеспесине қараслы 53-санлы «Қызылөзек» аўыллық шаңарақ поликлиникасының патронаж ҳәмшийрасы Гүлбәҳәр Тәжимова.-Районлық ирригация тармағында ислеўши өмирлик жолдасым Полат Ибрагимов, балам, райондағы 3-санлы улыўма билим бериў мектебиниң 4-класс оқыўшысы Шерзод Қурбанбаев пенен биргеликте қатнасып атырмыз.

Жарыс жуўмағында 8-12 жасқа шекемги ер баласы менен қатнасқан командалар арасында  биринши орынды Хожели районынан Кенжебаевлар шаңарағы, екинши орынды Шоманай районынан Аметовлар шаңарағы, үшинши орынды Қараөзек районынан Тәжимуратовлар шаңарағы, 8-12 жасқа шекемги қызы менен қатнасқан командалар арасында  биринши орынды Тахтакөпир районынан Серимбетовлар шаңарағы, екинши орынды Шоманай районынан Айтбаевлар шаңарағы, үшинши орынды Хожели районынан Пурхановлар шаңарағы ийелеген болса, улыўма командалық есапта Хожели районының споршылар шаңарағы биринши, Шоманай районы екинши, Тахтакөпир районы үшинши орынларды қолға киргизди. Сондай-ақ, «Ең шаққан шаңарақ», «Жеңиске болған умтылысы жоқары шаңарақ», «Белсене қатнасқан шаңарақ» номинациялары бойынша жеңимпазлар анықланды.

Жеңимпазларға ҳәм белсене қатнасқан шаңарақларға Қарақалпақстан кәсиплик аўқамлары шөлкемлери бирлеспеси Кеңеси тәрепинен Диплом және баҳалы саўғалар тапсырылды.

Д.АБИБУЛЛАЕВ

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы