6-март күни пайтахтымыздағы Жаслар орайында Өзбекстан жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси тәрепинен шөлкемлестирилген «Жаслар шахмат тахтасы» турнириниң Қарақалпақстан Республикалық басқышы өткерилди.

Оған 190 нан аслам оқыўшы-жаслар қатнасты.

Турнирди өткериўден тийкарғы мақсет – елимизде шахмат спортын кеңнен ен жайдырыў ҳәм оның ғалабалығына ерисиў, ҳәўескерлер ҳәм жас шахматшылардың спорт тәжирийбелерин арттырыў, оқыўшылардың оқыўдан бос ўақытларын мазмунлы шөлкемлестириў, өсип киятырған жас әўладтың логикалық ой-өрисин, пикирлеў дәрежесин жетилистириў, жасларды спорт жарысларына ғалаба түрде қамтып алыў, жаслар арасында саламат турмыс тәризин қәлиплестириў ҳәм мәдений спорт байланысларын жолға қойыўдан ибарат.

Турнир 6 жас категориясында (улыўма билим бериў мектеплеринен 8, 10, 12, 14, 16 ҳәм орта арнаўлы кәсиплик билимлендириў орынлары оқыўшыларынан 17-19 жас аралығындағы) ер ҳәм қыз балалар қатнасты.

Турнир жуўмағында ер балалар арасында Султанбек Кеўлимжаев, Жаҳонгир Маденбаев, Ағабек Тураев,   Бегинч Тораев, Мердан Тураев, Мырзахмет Өмирбаевлар, ал қызлар арасында Сарбиназ Мамутова, Райхана Шамуратова, Мехрибан Абдижамилова, Бахтыгүл Школбаева, Жазира Жумағанбетова, Мухаббат Темирбаевалар жеңимпаз деп табылды.

Турнирде жеңимпаз болған 12 жас спортшы усы жылдың апрель айында  Сурхандәрья ўәлаятының Термиз қаласында болып өтетуғын Республикалық басқышқа жолламаны қолға киргизди.

Турнир жеңимпазлары Өзбекстан жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси тәрепинен таярланған диплом ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.

 

 

Гаўҳар БЕГЖАНОВА,

ҚМУ журналистика қәнигелиги 2-басқыш студенти