Нурафшан қаласында халық депутатлары Ташкент ўәлаятлық кеңесиниң гезексиз сессиясы болып өтти.

Онда Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев қатнасты.

Мәмлекетимиз басшысы өз сөзиниң басында ўәлаят халқына терең ҳүрметин билдирип, олар мәмлекетимиз экономикасының раўажланыўына салмақлы үлес қосып киятырғанын атап өтти.

– Ҳәммеңиз түсинесиз, бүгинги қәўип-қәтерли заманда жасаў, сыртқы сиясатты да, ишки сиясатты да турақлы етип, жанажан Ўатанымыздың мәпин тәмийинлеў, халқымызды разы етиў аңсат емес. Буның ушын ҳәр күни изленип, бар имканиятларды толық иске қосыў керек. Ташкент ески ўәлаят, тәбийғый байлықлары, санааты, жери, суўы бойынша үлкен ўәлаят. Мен адамлар менен көп ушырасаман, олар өзгерислерди сезип атыр, айтып атыр. Бирақ, бул ҳәрекетлер даўам етермекен, және де жақсы болармекен, деген сораў да бар. Соның ушын халық пенен бирге, мәҳәллелердеги машқалаларды шешиў, исбилерменликти қоллап-қуўатлаў, жаңа кәрханалар ҳәм жумыс орынларын көбейтиў керек, – деди Шавкат Мирзиёев.

Сессияда шөлкемлестириў мәселеси көрилди. Президент Ташкент ўәлаяты ҳәкими лаўазымына Зойир Мирзаевтың кандидатурасын усыныс етти.

З.Мирзаев 1968-жылы Самарқанд ўәлаятында туўылған. Көп жыллар қаржы, экономика тараўларында жумыс алып барған. Самарқанд ҳәм Қашқадәрья ўәлаятларына басшылық еткен. Бас министрдиң орынбасары сыпатында мәмлекетимиздиң агросанаат комплексин басқарған. Ол 2021-жыл ноябрь айынан берли Ташкент ўәлаяты ҳәкими ўазыйпасын атқарып келмекте.

Мәмлекетимиз басшысы талабанды лаўазымға тастыйықлаўдан алдын ашықтан-ашық сәўбетлесип, оның режелерин тыңлаўды усыныс етти. Зойир Мирзаев исбилерменлик, санаат, аўыл хожалығы ҳәм туризмди раўажландырыў, инфраструктураны жақсылаў, халыққа мүнәсип турмыс шараятын жаратыў бойынша усынысларын мәлим етти.

Президентимиз бул усынысларды мақуллап, шөлкемлестириўшилик ҳәм финанслық тәреплери бойынша жуўапкерлерге көрсетпелер берди.

Шаңарақлық исбилерменлик бағдарламалары ушын усы жылы қосымша түрде 200 миллиард сум, келеси жыл ушын және 850 миллиард сум қаратылатуғыны белгиленди. Бул тараў төмен раўажланған Пискент, Бўка, Бекабад ҳәм Аққорған районлары ушын Исбилерменликти қоллап-қуўатлаў қорынан берилетуғын кепиллик муғдары кредиттиң 75 процентине шекем арттырылды, 2025-жылға шекем салық жеңилликлери берилди.

Ташкент ўәлаятының санаат потенциалы үлкен. Алмалық, Шыршық, Ангрен, Бекабад, Аҳангаран ҳәм Янгийўл қалалары ири санаат орайларына айланбақта. Санаат зоналары инфраструктурасын раўажландырыў ушын 250 миллиард сум, былғары аяқ-кийим ҳәм текстиль жойбарларына 30 миллион доллар ажыратылатуғыны атап өтилди. Ангренде фарфор ҳәм керамика кластери, Бекабад районында шегараалды саўда зонасын шөлкемлестириў бойынша тапсырмалар берилди.

Аймақтың жер ҳәм суў ресурслары да көп. Бирақ өнимдарлық соған жараса болмай атыр. Негизинде, жумыс дурыс шөлкемлестирилип, мийўе-овощ экспортын 2 есеге арттырыў, 120 мың халықтың бәнтлигин тәмийинлеў мүмкин.

Усы мақсетте 9 мың гектарды дийқан хожалықларына тарқатыў, таўалды жерлерин өзлестириў, мийўе ҳәм жүзим нәлханаларын шөлкемлестириў әҳмийетли екени атап өтилди. Ташкент, Паркент, Янгийўл ҳәм Қибрай районларында иске қосылатуғын логистика орайларына 50 миллион доллар, шарўашылықты раўажландырыўға 30 миллион доллар ажыратылатуғыны айтылды.

Ташкент ўәлаятында 1 мың 22 мәҳәлле бар. Олардағы инфраструктура үйренилгенде, 840 мәҳәлледе ишки жоллар, 579 ында ишимлик ҳәм ақаба суў тармағы, 589 ында электр ҳәм газ тәмийнаты, 396 сында мектеп, бақша ҳәм поликлиниканы оңлаў керек екени анықланған. Мәмлекетимиз басшысы бул мәселелер халықтың турмыс сапасы, балалардың камалға келиўинде әҳмийетли екенин атап өтип, жуўапкерлерге тапсырмалар берди.

Ўәлаяттағы және бир потенциаллы тараў – туризм. Бирақ туристлердиң 80 проценти Бостанлық районына барады. Басқа районларда шараят ҳәм хызметлер төмен дәрежеде. Сол себепли Паркент, Ангрен ҳәм Аҳангаранның таўлы жерлеринде туризм кластерлерин шөлкемлестириў мүмкин екени көрсетип өтилди.

Мәжилисте социаллық тараўларды раўажландырыў, халықты турақ жай менен тәмийинлеў мәселелерине де итибар қаратылды. Нурафшанда университет ашыў, көп тармақлы медицина орайын қурыў, билимлендириў орынларын оңлаў ўазыйпалары белгиленди.

Халықты турақ жай менен тәмийинлеў ушын 100 миллиард сум субсидия ажыратылатуғыны, Зәңгиата районында «Жаңа Өзбекстан» массиви қурылатуғыны айтылды. «Мениң биринши үйим» жаңа ипотека бағдарламасын енгизиў усынысы билдирилди.

Презентациядан кейин ўәлаятлық кеңес депутатлары талабанның режелерин додалап, өз пикир-усынысларын билдирди. Ташкент ўәлаяты ҳәкимин тайынлаў мәселеси даўысқа қойылды. Оның нәтийжелери бойынша, Зойир Мирзаев Ташкент ўәлаятының ҳәкими етип тастыйықланды.

Президентимиз халық ўәкиллери жоқары исеним билдирген ҳәким өз жумысында әдиллик, ҳадаллық, пидәкерлик ҳәм жуўапкершиликти көрсетип, Ташкент ўәлаяты халқына шын кеўилден хызмет етиўи керек екенин атап өтти.

ӨзА