Нурафшон қаласында Халық депутатлары Ташкент ўәлаятлық Кеңесиниң сессиясы болып өтпекте. Онда Президент Шавкат Мирзиёев қатнаспақта.

Мәмлекетимиз басшысы шығып сөйлеген сөзи алдынан экономикамыздың раўажланыўына салмақлы үлес қосып киятырған, мийнет сүйгиш, кеңпейил, көп миллетли пайтахт ўәлаяты халқына терең ҳүрмети ҳәм ең жақсы тилеклерин билдирди.

Ташкент ўәлаяты өзиниң тәбийғый ҳәм қазылма байлықлары, санаат ҳәм транспорт-логистика потенциалы, турақлы энергия тәмийнаты, профессионал мийнет ресурслары менен ажыралып туратуғыны атап өтилди.

«Барлық имканиятларды толық иске қосып, ўәлаятқа және де көп инвестиция алып келиў, исбилерменликти раўажландырыў, жаңа кәрханалар ҳәм жумыс орынларын көбейтиў, инфраструктураны жақсылаў, халықтың машқалаларын шешиў бәрқулла итибарымыз орайында болады», деди Президент.

Сессияда Ташкент ўәлаятына ҳәким тайынлаў бойынша шөлкемлестириў мәселеси көрип шығылмақта.

Президентимиз 2021-жыл ноябрь айынан берли Ташкент ўәлаяты ҳәкими ўазыйпасын атқарып киятырған Мирзаев Зойир Тоировичтиң кандидатурасын ўәлаят ҳәкими лаўазымына усыныс етти.

Талабан бойынша додалаўларды баслаўдан алдын сөзди талабанға берип, оның 10 ай даўамында ўәлаятта жыйнаған тәжирийбеси ҳәм жуўмақлары тийкарында келешекте аймақты жедел раўажландырыў, халыққа мүнәсип турмыс шараятын жаратыў, машқалаларды шешиў бойынша режелерин тыңлаў усыныс етилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги