Усы жылдың 27-февраль ҳәм 4-март күнлери аралығында Қырғызстан Республикасының Бишкек қаласында  еркин гүрес бойынша  ерлер ҳәм ҳаял-қызлар арасында Азия чемпионаты өткерилди.

Чемпионатта Өзбекстан сайланды командасы қурамындағы спортшылар 4 алтын, 5 гүмис ҳәм 6 қола  медальларын қолға киргизди.

Олардың ишинде жерлесимиз – республикалық жеке гүрес түрлери бойынша қәнигелестирилген балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебиниң тәрбияланыўшысы Набира Есенбаева да бар болып, ҳаял-қызлар арасында 59 килограмм салмақ категориясындағы беллесиўде гүмис медаль жеңимпазы болды.

Чемпионат жуўмағында Өзбекстан сайланды командасы улыўмакомандалық есапта 3-орынды ийеледи.

Набира Есенбаева 1998-жылы Нөкис қаласында туўылған. Спорттың жеке гүрес түри менен 8 жылдан берли турақлы шуғылланып келмекте. Ол бир неше мәрте Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан чемпионы. Халықаралық жарыслардың сыйлы орын жеңимпазы.

Ҳәзирде Н.Есенбаева Әзербайжан Республикасында Азия ойынларына таярлық көриў бойынша оқыў-шынығыў жыйынына қатнаспақта.

Спортшының жоқары жетискенликлерге ерисиўинде оның тренери Баҳадыр Қәлимбетовтың үлеси мол.

 

Тәрбия СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлиги хабаршысы