Усы жылдың 29-сентябрь күни Мойнақ районында «Арал балықларынан 99 түрли тағам» гастрономиялық фестивалы болып өтеди. Бул ҳаққында ҚР Туризм ҳәм мәдений мийрас министрлигиниң мәлимлеме хызмети хабар берди.

Илаж Қарақалпақстан Республикасы Туризм ҳәм мәдений мийрас министрлигиниң басламасы менен Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, Туризм ҳәм мәдений мийрас министрлиги, Мойнақ районы ҳәкимлиги, Қарақалпақ улыўма аўқатланыў кәрханалары ассоцияциясы, Мәденият министрлиги ҳәм басқа да бир қатар министрлик ҳәм мәкемелер тәрепинен шөлкемлестирилмекте.

Фестиваль шеңберинде өнерментлер, жас художниклер көргизбелери, фестиваль жеңимпазларын сыйлықлаў мәресими ҳәм гала концерт өткерилиўи жобаластырылған.

Мағлыўмат орнында атап өтиў керек, бул гастрономиялық фестиваль 2017-жылдан берли ҳәр жылы турақлы түрде өткерилип келинбекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.