Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министри Владимир Норов басшылығындағы мәмлекетимиз делегациясы усы жылы 19-24-сентябрь күнлери Нью-Йорк қаласына сапар етип барады. Бул ҳаққында Сыртқы ислер министрлигиниң мәлимлеме хызмети хабар берди.

В.Норов Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас Ассамблеясы 77-сессиясының улыўма дебатында шығып сөйлейди.

Сондай-ақ, сапар етиў шеңберинде Өзбекстан делегациясы бир қатар еки тәреплеме ушырасыўлар өткерип, көп тәреплеме илажларда қатнасады.

ӨзА