Исбилерменлер ҳәрекети – Өзбекстан Либерал – демократиялық партиясының Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси тәрепинен  Бердақ атындағы Қарақалпақ  мәмлекетлик университетинде «Жаңа әўлад кадрлары» жойбары шеңберинде  студент-жаслар менен ушырасыў болып өтти.

Онда Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Мәмлекетлик хызметти раўажландырыў агентлиги  Қарақалпақстан Республикасы филиалы ҳәм Әдиллик министрлигинен қәнигелер шығып сөйлеп,  елимизде соңғы жыллары жасларға қаратылып атырған итибар, Президентимиз тәрепинен қабыл етилип атырған қарар ҳәм пәрманлар туўралы мағлыўматлер берип, олардың әҳмийетине кеңнен тоқтап өтти.

Усы жыл 8-август күни қабыл етилген «Мәмлекетлик  пуқаралық  хызмети  ҳаққында»ғы нызамның мазмун-мәниси, коррупцияның алдын алыў,  жаслар арасында ҳуқықбузарлық ҳәм жынаятшылықтың алдын алыў, сондай-ақ, Президентимиздиң усы жыл 31-августтағы 213-санлы пәрманының әҳмийети, онда белгилеп берилген баслы ўазыйпалар,  партия бағдарламасы, мақсет ҳәм ўазыйпалары, «Жаңа әўлад кадрлары» жойбарының  әҳмийети бойынша  мәселелер сөз етилди.

Жасларды елимизде ҳуқықый демократиялық  мәмлекет ҳәм күшли пуқаралық жәмийетин қурыў жолындағы жумысларға кеңирек тартыў,  жоқары оқыў орынлары менен  бирге ислесиўди жолға қойыў, студентлерди  сиясий процесслер ҳәм партия жумыслары менен жақыннан таныстырыў, сиясий жетик, қәбилетли, партия жумысларын шөкемлестириў мәселелеринде дәўир талапларына жуўап бере алатуғын, жетерли тәжирийбеге ийе болған кадрларды таңлаў арқалы партияның  келешек кадрлары резервине алыў мақсетке муўапық екенлигин атап өтти.



Ушырасыў даўамында студентлер өзлерин қызықтырған сораўларына тараў қәнигелеринен тийисли жуўаплар алды. Сондай-ақ, белсенди жаслар кадрлар резервине алынып, оларға Президент китаплары саўға етилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги