Шанхай бирге ислесиў шөлкеми мәмлекетлери Самарқандта болып өтип атырған саммитте климат өзгериўине қарсы гүресиў бойынша биргеликтеги билдириў қабыл ететуғыны мәлим болды.

_Қоршаған орталықты қорғаў менен байланыслы машқала оғада әҳмийетли болып тур. Ҳәзирги күнде климат өзгериўине жуўап бериў бойынша биргеликтеги билдириўди қабыл етиў  арқалы қәўип-қәтерлерге қарсы гүресиўде аўызбиршиликти көрсетиў мүмкин,-деди Шавкат Мирзиёев.

Мәжилисте бул тараўда әмелий бирге ислесиўдиң жаңа механизмин жаратыў зәрүр екенлиги атап өтилди. Сиясатшылар ҳәм жәмийетлик ғайраткерлер, илимпазлар, экспертлер, экологлар ҳәм бизнес ўәкиллерин бирлестире алатуғын ШБШ Климат кеңесин дүзиў усынысы берилди.

Бундай форматтағы структура бирге ислесиў нәтийжелилигин арттырады, ең әҳмийетлиси климатқа бейимлесиў бойынша жойбарларды даўам еттиреди. Жер деградациясының күшейиўине қарсы гүреседи, технологиялар трансферин енгизеди,-деп пикир билдирди мәмлекетимиз басшысы.

Б.Худойбердиев,

ӨзА